Сана: 28.01.2016 | Муаллиф: Улмекен ПАЛӮАНИЯЗОВА | Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы | Ўқилди: 1389Шарҳ 0
Инсанның тәбияты жүдә қызық. Жасыратуғыны жоқ, ерискен нәрселеримиз ҳаққында емес, ал, көбирек ерисетуғынларымыз ҳаққында ойлаймыз. Бар нәрселеримиз ҳаққында емес, жоқ нәрселерге көбирек умтыламыз. Бул өмирде умтылыӯ, ҳәрекет, арзыӯ, үмитлер менен жасаған жақсы. Лекин, барына қәнәәт етип жасамай, шүкирсизлик себеп, бар нәрселеримизден айрылыӯ да ҳеш гәп емес. Шүкиршиликте ҳикмет көп, - дейди дана халқымыз.
Шүкиршилик халқымызға тән әзелий пазыйлетлерден бири. Бундай қәсийетке ийе адамлар бәрҳама ел ардағында, ҳүрмет итибарында болып келеди. Муқаддес китапларда да бул ҳаққында көп тоқталған. Бул туӯралы Қурани Кәримде мәрҳамат етилип:
«...Егер шүкир қылсаңыз ҳәм ийман келтирсеңиз ол сизлер ушын разы болур... делинген. Азық, әлбетте, материаллық байлықтың өзинен ибарат деп есаплайтуғын инсан адасқан болады. Себеби, оған берилген өмир азығы денедеги ишки ҳәм сыртқы ағзалардың бир қәлипте ислеӯи, яғный көздиң көриӯи, тилдиң дәм билиӯи, жүректиң урып турыӯы-булардың барлығы бийбаҳа азықдур. Егер де тосаттан бир жеримиз аӯырып қалса, мәселен көзимизге бир нәрсе болса, көзимиз барлығын, бир жеримиз аӯырса оның денемиздиң қайсы жеринде жайласқанын билип қаламыз. Сондай ӯақытта дүньяда көзи әззилер, аяқ-қоллары ислемей қалып, узақ жыллардан берли Алла тааланың берген дәрти себепли төсекке мықланып қалған адамлар бар екенлигин сеземиз. Бул сезим бизлерди шүкиршилик етиӯге жетелейди. Усы орында мыңа гүрриң есимизге түседи. Узақ жол жүрип киятырған мүсәпир өзиниң аяқ кийиминиң гөнерип қалғанлығынан налып, өзине-өзи «Усындай да бийшара адам боламан ба?» депти.
Усы ҳалында мүсәпир налыӯ менен қала дәрӯазасына жақынласар екен, тиленшиге көзи түсипти. Не көз пенен көрсин тиленшиниң еки аяғы жоқ екен. Бул ҳалды көрген мүсәпир «Мен ғой, аяқ кийимимниң гөнелигинен нашүкиршилик етиппен, аяқларым жоқ болса не ислей алар едим, меннен де ҳалы нашар адамлар бар екен дә», - деп шүкиршилик жолын тутыпты.
Елимизде әжайып дәӯир-тынышлық, аманлық ҳүким сүрип турғанлығы уллы азық болып, ел тынышлығы қәдирине жетиӯимиз ушын дүньядағы болып атырған ӯақыя-ҳәдийселерге ибрат нәзери менен бағыӯымыз зәрүр.
Улмекен ПАЛӮАНИЯЗОВА,
журналист.
«Қарақалпақстан жаслары» газетасы
28-январь 2016-жыл №5 (7865)
Полное имя и отчество: Авезов Саламат Юлдашевич.
Дата рождения: 1983 год 27 июль.
Место рождения: город Нукус.
Образование: Нукусский Филиал ТУИТ. Факультет Информационные технологии.
Специальность: Информатика и информационные технологии, Веб-дизайнер.
Знак зодиака: Лев.
Год рождения человека: Кабан.
Читайте дальше...