Саламат Авезов

| |

Өзбекистан Арнаўлы Олимпиядасы Қарақалпақстан Республикасы бөлими (Special Olympics Karakalpakstan) шөлкеми

Сана: 30.05.2016  |  Муаллиф: Баўыржан Абатов  |  Манба: Special Olympics Karakalpakstan  |  Ўқилди: 2302Шарҳ 0

Жақында 2016 жылы май айының 30 сәнеси күни усы жылдын «Аналар ҳәм балалар» жылына ҳәм 1 июнь «Халык-аралык балалар күни» мүнасебетине бағышланған өзлеримиздиң «Спорт бир адам ҳәм ҳәмме ушын» деген шыярымыз атындағы имканияты шекленген балалар ҳәм олардың ата-аналарына бағышланған Өзбекистан Арнаўлы Олимпиядасы Қарақалпақстан Республикасы бөлими (Special Olympics Karakalpakstan)  шөлкеми  сол күни қаламыздың  Республикалық Жас балалар № 2 «Спорт мектеби» орайында

мүмкиншилиги шекленген  25 жасқа шекемги 40 напар майыплар  арасында ҳәм олардын ата-аналары менен бирге «Қуўнақ стартлар» атындағы жарысы өткерилди. Жарыста 1-2-3 орын ийелегенлерге Дипломлар ҳәм саўғалар менен қалған қатнасыўшыларға болса Ҳүрмет жарлықлары ҳәм саўғалар менен сыйлықланып «Мәденият ҳәм спорт» хабарландырыў орайы тәрепинен түсирип ҳәм телевидение жәмәаты тәрепинен жазып алынды

Соның менен бирге жарыстан соң қатнасыўшылар «Сапар Хожаниязов атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры» артистрлери менен менен «Палван Шах» ресторанында мадений дем алып ойнап күлип жақсы дем алды. Жарыстың мақсети үлкен ҳәм киши мүмкиншилиги шекленген нагиранларды ден саўлығын беккемлеўге, саўалтырыўшы шынығыўларға ҳәм спортқа деген қызығыўшылығын көбейтиў ҳәм нагиран балларға өзлериниң  ата-аналары менен бирге шынығып турыў жақсы ҳәм пайдалы ҳәм қуўанышлы екенин билдириў. Соның менен бирге оларға бир-бири менен аўызбиршиликли болса, жәрдем берип қатнасып турса, алдына қойған мақсетлерине жете алатуғынын көрсетип бериў. Қарақалпақстан Республикасындағы мүмкиншилиги шекленген нагиранлар арасында күшли спортсменлерди табыў ҳәм киши ҳәм үлкен мүмкиншилиги шекленген нагиранлар  арасында ҳәр тәреплеме спорт турин раўажландырыў.

Соның ушын бизлер  Өзбекистан Арнаўлы Олимпиядасы Қарақалпақстан Республикасы бөлими (Special Olympics Karakalpakstan) шолкеми мамлекетимиздеги Мәденият ҳәм Спорт министрлигине, Қарақалпақыстан Республикасы Ҳәйел-қызлар комитетине, Балаларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлимине, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине, «Саламат әўлад ушын» қайыр сақаўат фондына, «Өзбекистан Арнаўлы Олимпиядасы» спорт жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлимине, «Сапар Хожаниязов атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры» жәмийетине, СП «Оазис Торг Сервис Нукус» «Палван Шах»  рестораны баслығы Палванова Гүлистанға, «Сада-Марс» ЖШЖ, «Гулбадан-Нөкис» ЖШЖ, «Атабек-Кумуш» ЖШЖ, «Туран»ЖШЖ  ҳәм қаламызда жақсы хызмет көрсетип атырған Такси «Дион» жәмийетине, нәгиран балларымыздың ата-аналарының ҳәм өзлеримиздииң үлкен миннедаршылығымызды билдирип, кейин ҳәм усындай және де қызықарлы ҳәм пайдалы жарыслардың болып өтип турыўына үмит етип қаламыз.

Баӯыржан АБАТОВ,
ҚМУ, Педагогика ҳәм психология кафедрасы лаборанты.
Өзбекстан Арнаӯлы Олимпиадасы ҚР бөлими
«Special Olympics Karakalpakstan» шөлкеми волонтёри

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Поиск

Услуги

Главная страница сайта

Категории

Протянем друг другу руку помощи и поддержки


Вы знаете своя права?

Справочник

Учреждений и организаций работающих для людей с особыми потребностями в Республики Каракалпакстан

Сотрудничество





Б
л
и
ц
-
И
н
ф
о
р
м
а
ц
и
я

Полное имя и отчество: Авезов Саламат Юлдашевич.
Дата рождения: 1983 год 27 июль.
Место рождения: город Нукус.
Образование: Нукусский Филиал ТУИТ. Факультет Информационные технологии.
Специальность: Информатика и информационные технологии, Веб-дизайнер.
Знак зодиака: Лев.
Год рождения человека: Кабан.
Читайте дальше...

Go to Top