Саламат Авезов

| |

Арнаӯлы олимпиада жарысы

Сана: 02.06.2016  |  Муаллиф: Баўыржан Абатов  |  Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы  |  Ўқилди: 2403Шарҳ 0

Жақында «Саламат ана ҳәм бала» жылы ҳәм «15-май – Шаңарақ күни»не бағышланып «Спорт бир адам ҳәм ҳәмме ушын» сүрени астында имканияты шекленген балалар ҳәм олардың ата-аналарына бағышланған Өзбекстан Арнаӯлы Олимпиадасы ҚР бөлими «Special Olympics Karakalpakstan» шөлкеми тәрепинен жуӯырыӯ бойынша жарыс өткерилд. Жарыстың мақмети – үлкен ҳәм киши мүмкиншилиги шекленген майып балалардың денсаӯлығын беккемлеӯге, саӯалландырыӯшы шынығыӯларға ҳәм спортқа деген қызығыӯшылығын арттырыӯдан ибарат болды.

Соның менен бирге, Қарақалпақстан Республикасы мүмкиншилиги шекленген майыплар арасында күшли спортшыларды табыӯ ҳәм олар арасында спорттың жеңил атлетика түрин раӯажландырыӯ болды.

Жарыс «Истиқлол» балалар дем алыӯ орайында өткерилди. Онда 15-30 жас арасындағылар ҳәм олардың ата-аналары 30 метрден 400 метрге шекем жуӯырыӯ бойынша өз-ара жарысты. Жеңимпазлар арнаӯлы диплом ҳәм естелик саӯғалар менен сыйлықданды. Соң басқа қатнасыӯшыларға да Ҳүрмет жарлықлары ҳәм саӯғалар инам етилди.

Жарыс соңында қатнасыӯшылар мәдений дем алысқа мирәт етилди. Ата-аналао жарыс шөлкемлестириӯшилерине Мәденият ҳәм спорт министрлигине, Исбилерменлер ҳәрекети ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Либерал Демократиялық партиясына, Қарақалпақстан Республикасы денсаӯлықты сақлаӯ министрлигине, Балаларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуӯатлаӯ ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлимине, Нөкис қалалық ҳәкимлигине, «Саламат әӯлад ушын» қайырқомлық қорына өз миннетдаршылығын билдирди.

Баӯыржан АБАТОВ,
ҚМУ, Педагогика ҳәм психология кафедрасы лаборанты.
Өзбекстан Арнаӯлы Олимпиадасы ҚР бөлими
«Special Olympics Karakalpakstan» шөлкеми волонтёри

«Қарақалпақстан жаслары» газетасы
2-июнь, 2016-жыл №23 (7883)

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Поиск

Услуги

Главная страница сайта

Категории

Протянем друг другу руку помощи и поддержки


Вы знаете своя права?

Справочник

Учреждений и организаций работающих для людей с особыми потребностями в Республики Каракалпакстан

Сотрудничество





Б
л
и
ц
-
И
н
ф
о
р
м
а
ц
и
я

Полное имя и отчество: Авезов Саламат Юлдашевич.
Дата рождения: 1983 год 27 июль.
Место рождения: город Нукус.
Образование: Нукусский Филиал ТУИТ. Факультет Информационные технологии.
Специальность: Информатика и информационные технологии, Веб-дизайнер.
Знак зодиака: Лев.
Год рождения человека: Кабан.
Читайте дальше...

Go to Top