Сана: 19.10.2016 | Муаллиф: Н. Рейипназаров | Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы | Ўқилди: 1357Шарҳ 0
Усы күнлери орынларда Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти, ғәрезсизлигимиздиң тийкарын салыўшы Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың естелигине арналған илажлардың өткерилиўи даўам етпекте. Шымбай мүриўбет майыплар ушын ерлер интернат үйинде болып өткен матам ҳәм қайыр-сақаўат илажына район ҳәкимлигиниң басшылары, мешит имам қәтиби ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Илаж қатнасыўшылары Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың портрети алдына гүл шеңберлерин қойды ҳәм оның ҳүрметине қуран оқылды.
Шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, елимиздиң Биринши Президенти өзинен мәңгилик мийрас етип гүлленген ҳәм раўажланған Ўатанды қалдырып, мәмлекетимиздиң раўажланыў жолын белгилеп берди. Елимизде миллетлераралық ҳәм пуқаралараралық аўызбиршилик, өз-ара ҳүрмет, мийрим-шәпәәт орталығын жаратты ҳәм беккемледи. Бул турақлы орталық елимиздеги барлық салаларда жоқары табысларға ҳәм нәтийжелерге ерисиў мүмкиншилигине пуқта шараят жаратты. Елимиздиң раўажланыўын, халқымыздың мәпи жолында әмелге асырған жумыслары ҳәм реформаларының жыллар өткен сайын қәдири артып бара береди.
Ислам Әбдиғаниевич Кәримов — тынышлықты сүйиўши сиясатшы, уллы мәмлекеттиң тийкарын салыўшы сыпатында жәҳән тарийхында өшпес из қалдырды.
Илаж соңында мүриўбет үйи тәрбияланыўшыларына қайыр-сақаўат илажы шөлкемлестирилип, кең дастурхан жайылды.
Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың жарқын естелигине бағышланған матам ҳәм қайыр сақаўат илажы Хожели районындағы 1-санлы Меҳрибанлық үйинде де болып өтти.
Н.Рейипназаров,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.
Полное имя и отчество: Авезов Саламат Юлдашевич.
Дата рождения: 1983 год 27 июль.
Место рождения: город Нукус.
Образование: Нукусский Филиал ТУИТ. Факультет Информационные технологии.
Специальность: Информатика и информационные технологии, Веб-дизайнер.
Знак зодиака: Лев.
Год рождения человека: Кабан.
Читайте дальше...