Саламат Авезов

| |

Ўатан сүйиўшилик сезимин күшейтиў жолында

Сана: 05.12.2016  |  Муаллиф: С. ЖАНИЕВ  |  Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы  |  Ўқилди: 2191Шарҳ 0

Ғәрезсизлик жылларында Өзбекистанда барлық тараўларда елимиздиң Биринши Президенти И.Кәримов тәрепинен жәрияланған «Күшли мәмлекеттен — күшли пуқаралық жәмийетке қарай» принципи тийкарында кең көлемли демократиялық реформалар турмысқа енгизилип атыр.
Халықтың ҳәр қыйлы қатламларының мәплерин қорғайтуғын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң кең тармағын раўажландырыў ушын беккем нызамшылық базасы қәлиплестирилди ҳәм буның ушын барлық шараятлар жаратылды.

Ҳәзирги ўақытта елимизде ҳаял-қызлар, жаслар ҳәм балалардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў саласында дерлик мыңнан аслам мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер жумыс ислемекте. Олар саламат, ҳәр тәреплеме билимли ҳәм руўхый жақтан жетик, бәркамал жас әўладты тәрбиялаўда белсене қатнаспақта.

Бундай ийгиликли ислер елимизде мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдары есапланады. Соңғы жылларда Өзбекстанда бул демократиялық процессти мәмлекет тәрепинен хошаметлеўдиң өзине тән системасы жаратылды. Мәселен, 2008-жылы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды ҳәм оның қаржыларын басқарыў бойынша Парламент комиссиясы шөлкемлестирилди. Бүгинги күнде елимизде көплеген унамлы өзгерислердиң ҳәрекетлендириўши күши болған пуқаралық институтларының басламаларын усындай қоллап-қуўатлаўдың тийкарында денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, қоршаған орталықты қорғаў, исбилерменликти ҳәм үй мийнетин раўажландырыў, жәмийетимизде ҳуқықый мәдениятты арттырыў, бәркамал әўладты тәрбиялаў тараўларында жүзлеген жойбарлар турмыс­қа енгизилди. Соңғы жылларда мәмлекетлик бағдарламаларды әмелге асырыўда қатнасып атырған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң саны дерлик еки есеге артты.

Усындай шөлкемлердиң бири Өзбекистан «VETERАN» жаўынгер-интернационалистлер ҳәм ма­йыплар бирлеспеси Қарақалпақстан бөлими болып, бул бөлим Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў фонды Парламент комиссиясының 2016-жыл 22-июльдеги 32-санлы қарары менен усы фонд тәрепинен шөлкемлестирилген грант таңлаўының жеңимпазы деп табылған еди. Таңлаўға усынылған жойбар «Мен өз Ўатанымды сүйемен, оның тарийхы менен ҳәм тынышлық, турақлылығының қорғаўшысы болған Қураллы Күшлери менен мақтанаман» деп аталады.

Жақында Пуқаралық жәмийети институтларын мониторинг етиўши бийғәрез институты Қарақалпақстан аймақлық бөлиминиң мәжилислер залында усы жойбарды таныстырыў мәресими болып өтти. Онда Өзбекистан «VETERАN» жаўынгер-интернационалистлер ҳәм майыплар бирлеспеси Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Б.Тажимов, Арқа-Батыс әскерий округи командириниң орынбасары, подполковник И.Маллаев, «Экосан» халықаралық шөлкеми Қарақалпақстан бөлиминиң директоры Н.Мырзамуратов, «Нөкис-ҒМ» радиоканалының директоры Б.Ельманов ҳәм басқалар сөзге шығып, жойбар тийкарында әмелге асырылыўы тийис болған илажлар бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

— Биз бул жойбарды әмелге асырыў ушын бир қатар шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиўге келисип алғанбыз, - дейди Өзбекистан «VETERАN» жаўынгер-интернационалистлер ҳәм майыплар бирлеспеси Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Бабур Тажимов. — Әлбетте, бундай бирге ислесиўлер гөзлеген нийетлеримиздиң әмелге асыўына жәрдем береди деп ойлайман...

Жойбар шеңбериндеги илажлардың бири — бул Нөкис қаласында жайласқан 15 улыўма орта билим бериў мектеплери арасында «Бул — мениң Ўатаным», «Сыңғырлаған ҳаўазлар», «Мен армияға таярланаман» ҳәм «Оқытыўшы — патриот» номинацияларын өзинде қамтыйтуғын таңлаў өткериў белгиленген. Илажда усы таңлаўды өткериў ушын жәмийетлик кеңес ҳәм шөлкемлестириў комитети ағзалары сайланды.

С.ЖАНИЕВ,
арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.
Р.АРЗИЕВтиң түсирген сүўрети. 

Манба:  «Еркин Қарақалпақстан» газетасы Рәсмий веб-сайты

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Поиск

Услуги

Главная страница сайта

Категории

Протянем друг другу руку помощи и поддержки


Вы знаете своя права?

Справочник

Учреждений и организаций работающих для людей с особыми потребностями в Республики Каракалпакстан

Сотрудничество





Б
л
и
ц
-
И
н
ф
о
р
м
а
ц
и
я

Полное имя и отчество: Авезов Саламат Юлдашевич.
Дата рождения: 1983 год 27 июль.
Место рождения: город Нукус.
Образование: Нукусский Филиал ТУИТ. Факультет Информационные технологии.
Специальность: Информатика и информационные технологии, Веб-дизайнер.
Знак зодиака: Лев.
Год рождения человека: Кабан.
Читайте дальше...

Go to Top