Саламат Авезов

| |

Ҳеш бир бала дыққаттан шетте емес

Сана: 06.12.2016  |  Муаллиф: А. АЙЖАРИКОВА, М. МӘМБЕТНИЯЗОВА  |  Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы  |  Ўқилди: 1175Шарҳ 0

«Өзбекистан арнаўлы олимпиадасы» жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлими 2011-жылдан өз жумысларын баслаған еди. Бирлеспенин, алдына қойған тийкарғы мақсети — айрықша итибарға мүтәж балаларды жәмийетке тартыў ҳәм олардьң ҳуқықларын қорғаўдан ибарат. Алдын спортқа кең итибар қаратылған болса, ҳәзирги ўақытта бирлеспе өз жумысларын бираз кеңейтип, бирқанша ийгиликли ислерди әмелге асырып келмекте.

Яғный, имканияты шекленген балалар ҳәм жас өспиримлер менен тығыз бирге ислесип, олардьң қызығыўшылық ҳәм қәбилетлерин жүзеге шығарыў, жетилистириў, жәмийетте өз орнын табыўына жақыннан жәрдем бермекте. Бирлеспе тийкарынан төрт бағдарда жумыс алып барады. Яғный, балалардың ўақтын үнемли өткериўге, тәлим-тәрбия бериў менен бирге спорт ойынларына кеңнен тартыўға, жас өспиримлер менен бирге ислесип, оларды социаллық қорғаўға итибар қаратады. Тийкарынан бул жерде балаларға өз қызығыўшылықлары бойынша спорттьң жигирмадан артық түри менен шуғылланыў мүмкиншиликлери жаратылған.

— Усындай имканиятлар нәтийжесинде орайымыз балалары өткерилген спорт жарысларында қатнасып, сыйлы орынларды ийелеў бахтына миясар болмақта, – дейди бирлеспе баслығы Гүлшат Турсымуратова. — Олардан атап өтсек, Ангелина Шарапатдинова спорттың гимнастика түрине, Мухамметдин Туржановтың футболға қызығыўшылығы жүдә жоқары ҳәм ҳәзирги ўақытта ол спорттың ескек есиў түри менен де шуғылланады, Өзбекистан сайланды командасы ағзасы. Биз балалардың ўақтын кеўилли ҳәм мазмунлы өткериўи, терең билим алыўы ҳәм спорт пенен шуғылланыўы ушын жетерли имканиятлар жаратып бериўге ҳәрекет етпектемиз. Бүгинги күнге келип бирлеспе өз әтирапына 500 ден аслам балаларды жәмлей алды. Олардьң сабақларға қызығыўшылығы, әсиресе, өнер үйрениўге деген ықласы бәлент. Орайымызға Нөкис Мәденият ҳәм керкем-өнер колледжи оқыўшы қызлары тез-тез келип, енерментшилик ҳәм қол өнери сырларын үйретеди. Балалар өз имканиятларынан ҳәм қызығыўшылықларынан келип шығып, орайымызда ислеп турған түрли дөгереклерге белсене қатнаспақта.

Бирлеспениң ҳәптелик ис жобасы 3 күн спорт пенен шуғылланыў ҳәм 2 күн билим алыўдан ибарат. Қулласы, бул жердеги ҳеш бир бала итибардан шетте қалмастан, теңлеслери менен бирге келешекке қарай анық қәдем атпақта. Биз бирлеспе турмысы менен жақыннан танысып, келешекте бул орайдан мәмлекетимиздиң гүллеп раўажланыўына мүнәсип үлес қосатуғын қәбилетли жаслар жетилисип шығыўына исенимимиз артты.

А.АЙЖАРИКОВА,
М.МӘМБЕТНИЯЗОВА,
Бердақ атындағы ҚМУ дың журналистика
қәнигелиги 4-курс студентлери.

«Еркин Қарақалпақстан» газетасы
6-декабрь, 2016-ж. №147 (19921)

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Поиск

Услуги

Главная страница сайта

Категории

Протянем друг другу руку помощи и поддержки


Вы знаете своя права?

Справочник

Учреждений и организаций работающих для людей с особыми потребностями в Республики Каракалпакстан

Сотрудничество





Б
л
и
ц
-
И
н
ф
о
р
м
а
ц
и
я

Полное имя и отчество: Авезов Саламат Юлдашевич.
Дата рождения: 1983 год 27 июль.
Место рождения: город Нукус.
Образование: Нукусский Филиал ТУИТ. Факультет Информационные технологии.
Специальность: Информатика и информационные технологии, Веб-дизайнер.
Знак зодиака: Лев.
Год рождения человека: Кабан.
Читайте дальше...

Go to Top