Саламат Авезов

| |

«Uz Gaz Chemical» қоспа кәрханасының саўаплы ислери

Сана: 13.04.2017  |  Муаллиф: А Турекеева  |  Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы  |  Ўқилди: 2444Шарҳ 0

Республикамызда жыл атамасы менен байланыслы унамлы кслер әмелге асырылмакта. Әсиресе, жәрдемге мүтәж инсанлардың мүрәжатлары инабатқа алынып атыр. Қаракалпакстан Республикасы майыплар жәмийети «Uz Gaz Chemical» қоспа кәрханасы жәмәәтине өзлериниң усынысы менен шыққан еди. Бул усыныс олар тәрепинен қоллап-қуўатланды. Өткен ҳәптеде усы кәрхананын жәмийетлик хызметкери Гүлбәҳәр Камалованың басшылығыила усыныс етилген барлық затлары толығы менен жеткерилди. Яғный, пайтахтымыздағы «Аталар» шайханасы байрам тусине енди.

Бул жерге Хожели, Кегейли, Қанлыкөл, Шымбай, Әмиўдәрья районлары ҳәм Нөкис қаласынан жәрдемге мүтәж инсанлар жыйналды. Оларға 4 майыплар арбашасы 34 дана қалташада гигиеналық затлар, 34 дана үлкен, киши келемдеги сүлгилер, 20 дана төсек үстине төсейтуғын затлар өз ийелерине тапсырылды. Улыўма 92 алам усындай саўғалар алып, өз миннетларшылығын билдираи.

Кайыр-сақаўатлык пенен шөлкемлестирилген бул илажға Хүкиметимиз атынан ўәкиллер қатнасты. Нөкис қалалық Мәденият үйиниң таярлаған концерт бағдарламасы койып берилди.

— Бул затлар бизлер тәрепинен усыныс етилди. Себеби, майыпларымыздың денсаўлығы ушын керекли болған затларды ғана алыўды ойладық. Бул ушын бизлерге қайыр-сақаўатлық еткен кәрхана басшыларына, шайхана жәмәәтине рахмет айтамыз, − дейди Қарақалпақстан Республикасы майыплар жәмийети баслығы Паршагүл Дәўлетиярова. Бир кесе шай үстинде бир-биреў менен дийдарласып, кәўендердиң өз колынан саўға алыў, әлбетте, кеўли ярым инсанлардың қәлбин қуўанышкд бөледи.

Өзбекистан көлеминде ғана емес, басқа еллерге де өз абырайы менен танылып киятырған «Uz Gaz Chemical» қоспа кәрханасындағы айтып, мактаныш ететуғын ислери талай ғана.

Ҳаял-кызлар байрамы мүнәсибети менен 4-7-март күнлери усы кәрханада ислеўши ҳаял-қызлар Бухара, Самарканд калаларына саяхат етип қайтты. Әсиресе, Бирииши Президентимиздиң кәбирин зыяратлаўы оларда езгеше тасир калдырды. Бул жерде ислеўши хызметкерлерди қоллап-қуўатлап, хәр байрамда баҳалы саўғалар тапсырылады. Кәрханада ислеўши зейинли жаслар көп. Ислеген ислер өз баҳасын тапқан жәмәәтте, әлбетте, берекет, табыс болады.

А.ТӨРЕКЕЕВА.

Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы
13-апрель. 2017-жыл. №16 (7928)

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Поиск

Услуги

Главная страница сайта

Категории

Протянем друг другу руку помощи и поддержки


Вы знаете своя права?

Справочник

Учреждений и организаций работающих для людей с особыми потребностями в Республики Каракалпакстан

Сотрудничество





Б
л
и
ц
-
И
н
ф
о
р
м
а
ц
и
я

Полное имя и отчество: Авезов Саламат Юлдашевич.
Дата рождения: 1983 год 27 июль.
Место рождения: город Нукус.
Образование: Нукусский Филиал ТУИТ. Факультет Информационные технологии.
Специальность: Информатика и информационные технологии, Веб-дизайнер.
Знак зодиака: Лев.
Год рождения человека: Кабан.
Читайте дальше...

Go to Top