Саламат Авезов

| |

Мақсетимиз — халқымыздың абаданлығын тәмийинлеў

Сана: 29.06.2017  |  Муаллиф: Н.МӘМБЕТКАРИМОВ  |  Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы  |  Ўқилди: 420Шарҳ 0

Мәмлекетимизде халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, оларды ғамқорлыққа алыў мәселесине мудамы айрықша дыққат-итибар қаратылып, бул бойынша нызам ҳүжжетлери жыл сайын жетилистирилип барылмақта.

Өзбекистан Республикасы «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Нызамының мазмуны ҳәм әҳмийети бул елимиз пуқараларының қартайғанда, мийнет қәбилетин жоғалтқанда, бағыўшысынан айырылғанда социаллық тәмийинлеўден, конститу­циялық ҳуқықларын жүзеге шығарыўдан ибарат болып, мәмлекетлик пенсияларды тайынлаў, есаплап шығарыў, қайта есаплаў ҳәм төлеў тәртибин белгилейди. Бүгинги күнге шекем бул нызам­ға бир қанша өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди. Солардан, 2016-жылдың 1-июлине шекем әмелдеги нызам талабына муўапық пенсия тайынлаў ушын (ер адамларға 25 жыл, ҳаял адамларға 20 жыл) жетерли мийнет стажына ийе болмаған пуқараларға жасы бойынша пенсиялар бул нызамның 37-статьясы «а», «б», «в» ҳәм «г» бәнтлеринде кеминде 5 жыл мийнет стажына ийе, бар мийнет стажына тең муғдарда тайынланыўы белгиленген болса, 2016-жылдың 1-июлинен баслап нызамның 37-статьясы «а», «б», «в» ҳәм «г» бәнтлеринде кеминде 7 жыл белгилеп қойылды.

Соның менен бирге, нызамның 47-статьясы «а» ҳәм «б» бәнтлерине муўапық 2017-жылдың 1-январына шекем әмелдеги нызам талабы бойынша жасы бойынша пенсиялар — егер пенсия алыў ҳуқықы пайда болған күннен баслап үш ай мүддет ишинде жасы бойынша пенсия тайынлап бериўди сорап мүрәжат етилген болса, пенсия жасына толған күннен;

майыплық пенсиялар — егер майыплық белгиленген күннен баслап үш ай мүддет ишинде майыплық пенсия тайынлап бериўди сорап мүрәжат еткен жағдайда, шыпакерлик мийнет эксперт комиссиясы майыплықты белгилеген күннен баслап та­йынланыўы  белгиленген болса, 2017-жылдың 1-январынан баслап усы нызамның 47-статьясы «а» ҳәм «б» бәнтлеринде үш айлық мүддет алпыс күн етип белгилеп қойылды. Ал, басқа жағдайларда жасы бойынша ҳәм майыплық пенсиялары мүрәжат етилген күннен баслап тайынланады.

Сондай-ақ, бул нызамның 63-статьясына муўапық пенсионердиң қайтыс болыўы мүнәсибети себепли алынбай қалған пенсия пулы пенсионер қайтыс болған күнге шекем бирге жасап турған шаңарақ ағзаларына ҳәм жерлеў напақасы ушын төлеў жерлеў мәресимин өткерген шахсқа ең кем айлық ис ҳақының 4 есеси муғдарында жерлеў напақасы алты ай ишинде мүрәжат етилген жағдайда төлеп бериў белгиленген болса, 2017-жылдың 1-январынан баслап нызамның 63-статьясында алты айлық мүддет алпыс күн етип белгилеп қойылды.

Президентимиздиң 2017-жыл 2-феральдағы «Мийнет ҳақы, пенсия, напақа ҳәм стипендияларды төлеў механизмин жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына тийкар ис ҳақы, пенсия, напақа хәм  стипендияларды төлеў механизмин жеделлестириў, пенсионерлердиң талапларын ҳәм халықтың басқа социаллық жақтан мүтәж болған қатламлары ҳуқықларын ҳәм мәплерин қорғаўды сөзсиз тәмийинлеў мақсетинде усы жылдың февраль айынан баслап барлық түрдеги пенсиялар пүткил мәмлекет аймағында ҳеш қандай шеклеўлерсиз толық муғдарда нақ түрде берилиўи белгиленди.

Усы қарарды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыўды тәми­йинлеў мақсетинде пенсия ҳәм напақалар төлеў ведомостлары мәкан пуқаралар жыйыны кесиминде шығарылып Халық банки тәрепинен белгиленген кестелер, яғный  төлеў күнлери тийкарында төленип келинбекте. Әлбетте, тараўдағы бундай өзгерислер халқымыздың абаданлығы ушын тийкар болары сөзсиз.

Н.МӘМБЕТКАРИМОВ,
Бюджеттен тысқары пенсия қорының
Нөкис қалалық бөлими баслығы.

Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы Рәсмий веб-сайты

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Поиск

Услуги

Главная страница сайта

Категории

Протянем друг другу руку помощи и поддержки


Вы знаете своя права?

Справочник

Учреждений и организаций работающих для людей с особыми потребностями в Республики Каракалпакстан

Сотрудничество





Б
л
и
ц
-
И
н
ф
о
р
м
а
ц
и
я

Полное имя и отчество: Авезов Саламат Юлдашевич.
Дата рождения: 1983 год 27 июль.
Место рождения: город Нукус.
Образование: Нукусский Филиал ТУИТ. Факультет Информационные технологии.
Специальность: Информатика и информационные технологии, Веб-дизайнер.
Знак зодиака: Лев.
Год рождения человека: Кабан.
Читайте дальше...

Go to Top