Саламат Авезов

| |

Аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳәм майыплығы болған ҳаял-қызлар – мәмлекет қорғаўында

Сана: 18.03.2018  |  Муаллиф: Makan.uz  |  Манба: Makan.uz  |  Ўқилди: 1250Шарҳ 0

Ендигиден былай аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларды турақ-жай менен тәмийинлеўде басланғыш баҳалары қайтарылмаў шәрти менен төлеп берилиўи мүмкин! Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды искерлигин шөлкемлестириў ҳаққындағы Ҳүкимет қарары қабыл етилди (14.03.2018 ж. 21-сан). Бул ҳаққында Әдиллик министрдигиниң @huqiqiymalimleme каналында хабар берилди.

Қарарға муўапық:

Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды қаржылары төмендеги дереклерден қәлиплестириледи:

– ҳәр жылы 300 млрд. сумға шекем болған муғдарда ажыратылатуғын Мәмлекетлик бюджет қаржылары;

–  юридикалық ҳәм физикалық пуқаралардың қәўендерлик қайырхомлығы;

– нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа дереклер.

 Жәмийетлик фондтың қаржылары Қәўендерлик кеңесиниң қарарына муўапық:

–  ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақларға, майыплығы болған ҳаялларға материаллық жәрдем көрсетиўге;

–  ҳаял-қызларға шаңарақлық ҳәм жеке исбилерменлик, өнерментшиликти шөлкемлестириўге;

–  мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплер бойынша билим ҳәм көнликпелерди ийелеўде көмеклесиўге;

–  ҳаял-қызларға шаңарақлық ҳәм жеке исбилерменликти шөлкемлестириўде жеңилликли кредитлер бериўге;

–  аналық ҳәм балалықты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, шаңарақ институтын беккемлеў бойынша ўазыйпалардың әмелге асырылыўын финанслық қоллап-қуўатлаўға;

–  жасларды шанарақлық турмысқа таярлаў, заманагөй үлгили шаңарақты қәлиплестириў, оның мәнәўий, руўхый ағартыўшылық тийкарлары ҳәм дәстүрий шаңарақлық қәдириятларды беккемлеў бойынша мақсетли ислер алып барылыўына көмеклесиўге;

–  аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларды, соның ишинде, майыплығы болған, кем тәмийинленген, перзентлерин толықсыз шаңарақта тәрбиялап атырған ҳәм үй-жай шәриятын жақсылаўға мүтәж аналарды турақ жай менен тәмийинлеўде басланғыш баҳаларды қайтармаў шәрти менен төлеп бериўге;

–  Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети ҳәм «Шаңарақ» орайының материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм системада искерлик жүргизип атырған хызметкерлерди материаллық қоллап-қуўатлаўға;

–  Орынлаўшы дирекцияны сақлаўға ислетилиўи мүмкин болады.

Манба: Makan.uz – Мәмлекетимиздеги жаңалықлар порталы

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Поиск

Услуги

Главная страница сайта

Категории

Протянем друг другу руку помощи и поддержки


Вы знаете своя права?

Справочник

Учреждений и организаций работающих для людей с особыми потребностями в Республики Каракалпакстан

Сотрудничество





Б
л
и
ц
-
И
н
ф
о
р
м
а
ц
и
я

Полное имя и отчество: Авезов Саламат Юлдашевич.
Дата рождения: 1983 год 27 июль.
Место рождения: город Нукус.
Образование: Нукусский Филиал ТУИТ. Факультет Информационные технологии.
Специальность: Информатика и информационные технологии, Веб-дизайнер.
Знак зодиака: Лев.
Год рождения человека: Кабан.
Читайте дальше...

Go to Top