Саламат Авезов

| |

«АВТОТЕСТ-НУКУС» ЖӘМИЙЕТИНИҢ ҚАЙЫРҚОМЛЫҚ ИЛАЖЫ

Сана: 23.05.2018  |  Муаллиф: Д.АБИБУЛЛАЕВ  |  Манба: KKNEWS.uz  |  Ўқилди: 1951Шарҳ 0

Мүбәрек Рамазан айы  мүнәсибети менен «Автотест–Нукус» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен қайырқомлық акциясы өткерилди. Атап айтқанда, Шымбай «Мүриўбет» майыплығы болған шахслар ушын ерлер интернат үйине, Хожели «Мүриўбет» майыплығы болған шахслар ушын ҳаяллар интернат үйине, Тақыятас урыс ҳәм мийнет ветеранлары санаториясына, Қарақалпақстан Республикасы майыплығы болған шахсларды реабилитациялаў ҳәм протезлеў орайына  майыплар арбашасы тапсырылды.

- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 11-майдағы «Мүбәрек рамазан айын мүнәсип түрде өткериў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде бул акция пүткил елимиз бойлап өткерилди,-дейди «Автотест-Нукус» жуўапкершилиги шекленген жәмийети директорының орынбасары Камал Омаров.-Соның ишинде бизиң республикамыздан еки арнаўлы интернат үйлерине, санатория ҳәм реабилитация орайына бес дана майыплар арбашасы берилди.

Еслетип өтемиз, «Автотест-Нукус» жуўапкершилиги шекленген жәмийети Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 4-сентябрьдеги «Инновацион оқытыў методикаларын енгизиў жолы менен айдаўшыларды таярлаў ҳәм қайта таярлаў, сондай-ақ олардың қәнигелегин арттырыў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы қарары тийкарында өз жумысын баслаған еди. Жол ҳәрекети қәўипсизлигин, пуқаралардың өмири ҳәм саламатлығын тәмийинлеў, жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў илажларын күшейтиў, сондай-ақ, оқыў процесине инновациялық усылларды енгизиў мақсетинде ашылған бул оқыў орнын бүгинги күнге юридикалық шахсларға тийисли автотранспорт қуралларын басқаратуғын 4 мыңнан зыят айдаўшы өзлериниң қәнигелигин арттырып, арнаўлы сертификатқа ийе болды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

 Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

Манба: Қарақалпақстан хабар агентлиги Рәсмий веб-бети

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Поиск

Услуги

Главная страница сайта

Категории

Протянем друг другу руку помощи и поддержки


Вы знаете своя права?

Справочник

Учреждений и организаций работающих для людей с особыми потребностями в Республики Каракалпакстан

Сотрудничество





Б
л
и
ц
-
И
н
ф
о
р
м
а
ц
и
я

Полное имя и отчество: Авезов Саламат Юлдашевич.
Дата рождения: 1983 год 27 июль.
Место рождения: город Нукус.
Образование: Нукусский Филиал ТУИТ. Факультет Информационные технологии.
Специальность: Информатика и информационные технологии, Веб-дизайнер.
Знак зодиака: Лев.
Год рождения человека: Кабан.
Читайте дальше...

Go to Top