Сана: 07.06.2018 | Муаллиф: Ислам Матеков | Манба: KKNEWS.uz | Ўқилди: 1149Шарҳ 0
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Майыплығы болған шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 2017-жыл 1-декабрьдеги ПФ-5270-санлы пәрманына муўапық, Министрлер Кабинети тәрепинен 2018-жыл 2-июньда қабыл етилген «Жоқары оқыў орынларына майыплығы болған шахсларды қосымша мәмлекетлик грант квоталары тийкарында оқыўға қабыл етиў тәртиби ҳаққындағы Режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы 417-санлы қарарында жоқары оқыў орынларына майыплығы болған шахсларды қосымша мәмлекетлик грант квоталары тийкарында оқыўға қабыл етиў тәртиби белгиленди, деп жазады Kun.uz сайты.
Ҳүжжетте жазылыўынша, жоқары оқыў орынларына абитуриентлерди қабыл етиўдиң улыўмалық санына салыстырғанда майыплығы болған шахслар ушын қосымша еки процентлик мәмлекетлик грант квоталарының тәлим бағдарлары бойынша бөлистирилиўи жоқары оқыў орынлары тәрепинен қәлиплестирилип, бойсыныўына бола министрлик ҳәм мәкемелер арқалы ҳәр жылы Президенттиң жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыл етиў ҳаққындағы тийисли қарары қабыл етилгеннен соң еки ҳәпте мүддетте Республикалық билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша мәмлекетлик комиссиясына усынылады.
Жоқары оқыў орынларына абитуриентлерди қабыл етиўдиң улыўмалық санына салыстырғанда майыплығы болған шахслар ушын қосымша квоталардың тәлим бағдарлары бойынша бөлистирилиўи еки ҳәпте мүддетте Мәмлекетлик комиссия тәрепинен тастыйықланады. Жоқары оқыў орынларына майыплығы болған шахсларды қосымша квота тийкарында оқыўға қабыл етиў категориясына улыўмалық орта билимлендириў (11-класс тийкарында) ямаса орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў мәкемеси (академиялық лицей, кәсип-өнер колледжи)н питкергенлиги ҳаққындағы ҳүжжетке және I ҳәм II топар майыплығы ҳаққындағы белгиленген тәртипте берилген формадағы мағлыўматнамаға ийе болған I ҳәм II топар майыплары, сондай-ақ, майыплығы болған шахслар киреди.
Соны атап өтиў керек, режеде жоқары оқыў орнының қабыллаў комиссиясы тәрепинен кириў имтиханлары өткерилетуғын имарат ҳәм аудиторияларда майыплығы болған шахслар ушын зәрүрли шараятлар жаратылыўы белгилеп қойылған. Жоқары оқыў орынларына майыплығы болған шахсларды қосымша квота тийкарында оқыўға қабыл етиў кириў имтиханлары (тест сынақлары, кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан) нәтийжелерине муўапық әмелге асырылады.
Майыплығы болған шахслар ушын ажыратылған қосымша квоталар тийкарында қабыл етилмеген абитуриентлер топлаған баллары менен усы тәлим бағдарында улыўмалық тәртипте таңлаўда қатнасады.
Жоқары оқыў орынларына көзи әззи абитуриентлерди қабыл етиў Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 20-июньдағы 393-санлы қарары менен тастыйықланған Жоқары оқыў орынларының бакалавриатына студентлерди оқыўға қабыл етиў тәртиби ҳаққындағы режеге муўапық әмелге асырылады.
Қабыллаў процесинде жоқары оқыў орны ҳәм Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң аймақлық басқармасы ўәкиллеринен дүзилген қурамда жоқары оқыў орнында майыплығы болған шахслардан ҳүжжетлер қабыл етиў комиссиясы шөлкемлестириледи. Бул комиссия қурамына Өзбекстан майыплар жәмийетиниң ўәкили де киргизилиўи мүмкин.
Бул комиссия майыплығы болған шахслардан арза ҳәм ҳүжжетлерди қабыл етеди, олар менен кәсипке бағдарлаў бойынша сәўбетлесиўлер өткереди. Майыплығы болған шахслар тәрепинен кириў имтиханлары (тест сынақлары, кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан) жоқары оқыў орынларының бакалавриатына қабыл етиў бойынша белгиленген тәртиплерге муўапық тапсырылады.
Кириў имтиханларында топлаў мүмкин болған ең жоқары баллдың 30 процентинен кем болмаған балл топлаған майыплығы болған шахслар баллардың избе-излигин қатаң сақлаған ҳалда, қосымша еки процентли мәмлекетлик грант квоталары тийкарында студентликке усыныс етиледи.
Ислам Матеков,
Полное имя и отчество: Авезов Саламат Юлдашевич.
Дата рождения: 1983 год 27 июль.
Место рождения: город Нукус.
Образование: Нукусский Филиал ТУИТ. Факультет Информационные технологии.
Специальность: Информатика и информационные технологии, Веб-дизайнер.
Знак зодиака: Лев.
Год рождения человека: Кабан.
Читайте дальше...