Саламат Авезов

| |

МЕҲИР-МҮРИЎБЕТ ДҮНЬЯ ЖАҚСЫЛЫҚЛАР МЕНЕН ГӨЗЗАЛ

Сана: 12.07.2018  |  Муаллиф: Гүлбәҳәр БЕРДИМБЕТОВА  |  Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы  |  Ўқилди: 1974Шарҳ 0

"Өзбекстан Арнаўлы Олимпиадасы" спорт жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлимн елимиздеги айрықша итибарға мүтәж балаларды ҳәм үлкенлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап, олардың өзи қатарлы дени саў инсанлар менен тендей жәмийетимизгс араласып жүриўи ушын спорт жарыслары, руўхый ҳәм мәдений дем алыс күнлерин шөлкемлестириў менен бирге түрли илажларды әмелге асырып келмекте.

Айрықша итибарға мүтәж 200ден аслам балалар ҳәм үлкенлердиң (яғный) 10-санлы көзи әззи көриўши ҳәм шала көриўши балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп интернаты, Хожели районындағы, Республикалық 3-санлы ақылы-зайып балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик билимлендириў мектеп-интернаты ҳәм Нөкнс қаласындағы үй шараятында тәрбияланып атырған балалар ҳәм жасы үлкенлер ушын мәдений дем алыс күнлери шөлкемлестирилди. Усы жылы 10-санлы көзи әззи көриўши ҳәм шала көриўши балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп интернатында "Өзбекстан Арнаўлы Олимпиадасы" спорт жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлими ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимленлириў министрлиги менен биргеликте тастыйықланған кесте тийкарында жумыслар алып барылмакта.

Жәмийетлик бирлеспеге Кореяның КОЙКО (Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги)  шөлкеминен  келип, "Өзбекстан Арнаўлы Олимпиадасы" спорт жәммйетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлиминде саламатлық бағдарында ислеп атырған жетекши Ли Им Сун тәрепинен саламат турмыс тәризи: санитария ҳәм гигиена, қолларды ҳәм тислерди таза услаў ҳақкында семинар, соң, тәбият пенен унлес өмир сүриў ҳәм гүл егиў бойынша мектеп-интернаты тәрбияланыўшыларына көргизбели жумыслар алып барылды. Семинар даўамында жетекши мектеп интернаты шыпакерлерине "Жеке гигиена сабағы", "Спорт ҳәм адам саламатлығы" ,"Қантлы диабет ҳәм қан айланысы" ҳаққында айтып өтти. Усы жылдын 30-июнь "Жаслар күии" мүнәсибсти менен 20 имканияты шекленген жаслар "Туран" стадионында Жаслар Аўкамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен өткерилген концерт бағдарламасында қатнасты.

Илаждың көтеринки руўхта өткерилиўи оларға үлкен тәсир жасады ҳәм спортшыларға берилген саўғалар оларды спорт пенен және де шуғылланып, жетискснликлерге ерисиўге ийтермеледи. Соның менен бирге Туржанов   Муҳаммед   ескек   есиў спортынан Самарқанд каласында өткерилген жарыста 3-орынды алыўға миясар болды. Сондай-ақ, 1-июлъ күни 10 имканияты шекленген балалар "Өзбек концерт" эстрада бирлеспеси тәрепинен Нөкис қаласындағы Амфитеатрда өткерилген "Ҳәзил ҳәм концерт" бағдарламасына қатнасты. Бундай илажларға қатнасып имканмяты шекленген жаслар өзлерин елимизде тең хуқықлы инсанлар екенлигине исеними артып бармақта. Олардың жәмийетимизде саламат инсанлар менсн бирге тең қәдем таслап барыўына шараят жаратпақта. Алып барылған бәрше илажлар нәтийжесинде имканияты шекленген балалар ҳәм үлкенлер аймағымыздағы республикалық ҳәм халықаралық спорт жарысларына қатнасып, диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Келешекке үмит пенен жасаўға руўхландырылды.

– Ҳәзирги ўақытта имканияты шекленген балаларға елимиздеги бир қатар мәкеме ҳәм кәрхана шөлкемлер тәрепинен қайырқомлык илажлары өткерилип, тәрбияланыўшыларымызға өзлериниң қолдан келгенинше жәрлемлерин берип келмекте. Әсиресе, сүтли аўкатландырыўға мүтәжлиги бар шаңарақлардың жағдайларынан хабар алынып, олардың ата-аналарына материаллық ҳәм руўхый жәрдемлерин аямай келмекте. Бүгинги күнде "Өзбекстан Арнаўлы Олимпиадасы" Қарақалпақстан Республикасы бөлими жанында "Кишкене атлет", "Шаңарақ бағдарламасы", "Бирлесейик", "Саламат атлет", "Социаллық қорғаў" бағдарламалары ҳәрекет етип келмекте. Бул илажларды еле де кең көлемде алып барып, жақсылық нурларын таратыўшы мүриўбетли инсанларымыздың қайырқомлық ислери еле де даўам етиўине исенимиз кәмил, – дейди "Өзбекстан Арнаўлы Олимпиадасы" спорт жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Гулшат Турсымуратова.

Бул шөлкемниң жумыслары менен таныса отырып, тәрбияланыўшылардың кеўиллериндеги кемтик азғана болса да толтырылып атырғандай сезилдик. Себеби, дүнья жақсылық хәм меҳир-мүриўбетли инсанлар менен гөззал. Олардың әмелге асырылған ислери жасларымыздың келешеги ушын беккем таяныш бола алады.

Гүлбәҳәр БЕРДИМБЕТОВА,
ҚМУ журналистика қәннгелигиниң 3-курс студенти.

Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы
12-июль, 2018-жыл. №28 (7992)

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Поиск

Услуги

Главная страница сайта

Категории

Протянем друг другу руку помощи и поддержки


Вы знаете своя права?

Справочник

Учреждений и организаций работающих для людей с особыми потребностями в Республики Каракалпакстан

Сотрудничество





Б
л
и
ц
-
И
н
ф
о
р
м
а
ц
и
я

Полное имя и отчество: Авезов Саламат Юлдашевич.
Дата рождения: 1983 год 27 июль.
Место рождения: город Нукус.
Образование: Нукусский Филиал ТУИТ. Факультет Информационные технологии.
Специальность: Информатика и информационные технологии, Веб-дизайнер.
Знак зодиака: Лев.
Год рождения человека: Кабан.
Читайте дальше...

Go to Top