Саламат Авезов

| |

ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДАҒЫ БИРИНШИ САЙТ

Сана: 9.08.2018  |  Муаллиф: Шухрат САИДАХМАДОВ  |  Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы  |  Ўқилди: 2362Шарҳ 0

Жақында Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы кеңеси Жаслар орайында Саламат Авезовтың жаңа сайтының ашылыў мәресими болып өтти. Соны айрықша атап өтиў керек, «mehrtilsimi.uz» деп аталған бул сайт өз жөнелиси бойынша Өзбекстанда бириншилерден болып ашылған. Сайт тийкарынан имканияты шекленген инсанлар өмири ҳаккында жәриялап барады.

 

Ҳәзирги ўакытта сайтта Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Өзбекстан бойынша имканияты шекленген, қәлби, жүреги йош илҳамға, күш жигерге толы, қолында өнери бар инсанлар ҳақкында мақалалар жайластырылған.

Сайттың таныстырыў мәресимин ашып берген. Өзбекстан Жаслар аўкамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының орынбасары И.Абдикаликов «mehrtilsimi.uz» сайты ҳаққында былай деди:

— Алдынлары меҳир-мүриўбет десек тек ғана мехрибанлық, қариялар үйлери, олардан барып хабар алыў, оларға жәрдем көрсетиўди түсинетуғын едик. Дурыс, олар меҳирге мүтәж, ҳәрдайым олардың жағдайларынан хабар алынады. Жетерлише әмелий жәрдемлер көрсетип атырған шөлкемлер де көп. Лекин, шетки аймакларда, имканияты шекленген инсанлар ҳаққында ким биледи? Ким олар туўралы халыкқа жеткереди. Бул, әлбетте «mehrtilsimi.uz». Ол халыктын мине усындай қатламы менен бизди байлап турыўшы «көпир» есапланады...

Сайт авторы көпшиликке таньшып үлгерген 2-топар майыбы Авезов Саламат Юлдашевич журналистлер ҳәм жас репортёрлардың сораўлаларына электрон тәризде жуўап берди.

— Өмирде жүдә көп жығылдым. Бирақ, ҳәр сапары тура бердим? Сайтты ашыўда қыйыншылық болған жок. Не ушын, билесиз бе? Кеўилимде жақсы нийет, өзимде ҳәрекет бар еди. Бул мениң өмирлик формулам. Әкем мениң қолым, әкем мениң аяғым ҳәм көзим! Ол инсан болмағанда бул ислерди әмелде көрсете алмас едим, — дейди ол.

Биз де өз гезегинде жас бағдарламашы С.Авезовқа келешектеги жумысларында тасқын табыслар тилеймиз.

Шухрат САИДАХМАДОВ.
Сүўретте: Саламат Авезов
әкеси Юлдаш Авезов ҳәм шәкирти менен бирге.

Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы
9-август, 2018-жыл. №32 (7996)

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Поиск

Услуги

Главная страница сайта

Категории

Протянем друг другу руку помощи и поддержки


Вы знаете своя права?

Справочник

Учреждений и организаций работающих для людей с особыми потребностями в Республики Каракалпакстан

Сотрудничество





Б
л
и
ц
-
И
н
ф
о
р
м
а
ц
и
я

Полное имя и отчество: Авезов Саламат Юлдашевич.
Дата рождения: 1983 год 27 июль.
Место рождения: город Нукус.
Образование: Нукусский Филиал ТУИТ. Факультет Информационные технологии.
Специальность: Информатика и информационные технологии, Веб-дизайнер.
Знак зодиака: Лев.
Год рождения человека: Кабан.
Читайте дальше...

Go to Top