Саламат Авезов

| |

ИМКАНИЯТЫ ШЕКЛЕНГЕНЛЕРГЕ ИТИБАР КҮШЛИ

Сана: 06.12.2018  |  Муаллиф: Жазира КУЗДИБАЕВА  |  Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы  |  Ўқилди: 1532Шарҳ 0

Мәмлекетимиз тәрепинен жас әўладлардың раўажланыўына ҳәр тәреплеме шараятлар жаратылып, жеңилликлер берилмекте. Әснресе, имканияты шекленген балалар ушын көп ғана қолайлылықлар жаратылмакта. Бунан айқын дәлили — Өзбекстан Республиһкасы Президентнниң 2017-жыл 1-августтағы ПП-5006-санлы Пәрманы менен шөлкемлестирилген Майыплығы болған шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын түпкиликли жетилистириўге қаратылған усынысларын таярлаў бойынша комиссия тәрепинен майыплықты ерте аныклаў ҳәм алдын алыў, майыплығы болған шахсларға медициналық-социаллык жәрдем көрсетиў, оларды кәсипке оқытыў ҳәм жумысқа жайластырыў тараўындағы жумыслардың жағдайы комплексли ҳәм терең үйренип шығыў зәрүрлиги ҳаккында айтылған.

Бул Пәрманда 2018-2019-оқыў жылынан баслап жоқары оқыў орынларына абитуриентлерди қабыл етиўдың улыўма санынан майыплығы болған шахслар ушын қосымша рәўиште екн пайызлы квота ажыратыў тәртиби жәрияланғанлығы көрсетилген.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимленднриў министрлигине қараслы 4-санлы герең ҳәм шала еситиўши балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик билимлендириў мәкемеси тәрбияланыўшыларына сапалы билим бериўде алдыңғы педагогикалық технологиялардан ҳәм заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда оларға қәниге оқытыўшылар тәрепикен тыянақлы билнм берилмекте. Сондай-ақ, өз ўақтында керекли болған медициналық жәрдемлер көрсетилип барылады.

Бул жерде 10-11-класс окыўшылары билим алыў менен бир қатарда оларға кәсип-өнер үйретиў, ийелеген кәсиплери бағдарында, кейин өз кәнигелиги бойынша жумыс ислеў ушын шараятлар жаратылып берилмекте.

Өндирислик кәрханалар талапқв сай үскенелер ҳәм көргизбе қураллары менен тәмийинленген ҳалда, кәсиплик билим бериўдиң тигиўшнлик, ағаш устасы ҳәм шаштәрез бағдарлары бойынша тәлим-тәрбия жумыслары алып барылмақта.

Кәсиплик билим бериў пәнин оқытыў барысында инновациялық педагогика ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын, интернет тармақларынан пайдаланып, кәсиплик билим бериўдиң сапасы жақсыланбақта.

Соның менен бир қатарда билимлендириў мәкемемизде балалардың ҳәр тәреплеме жетик инсан болып қамалға келиўи ушын спорт секциялары ҳәм пән дөгереклери шөлкемлестирилип, онда балалардың катнасыўы ушын қолайлылыклар жаратылған. Кәсиплик билим бериў бойынша окыўшылар толығы менен кәсип үйрениўге қаратылғаи болып, оларға кәниге оқытыўшылар тәрепинен кәсип сырлары тереңнен үйретилмекте. Жас өнерментлер, ағаш устасы ҳәм кепсерлеў, аяқ ойын, жас сүўретшилер. футбол, шахмат-шашка, кеўилли стартлар, китапқумарлар, жас математик, жас әдебиятшылар, жас химик, жас биолог, шебер қоллар, окыўшы жаслар театры ҳәм де ағаш устасы дөгереклери өз жумысларын алып бармақта.

Сондай-ақ, жаслар арасында ушырасып атырған ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, жынаятшылық ҳәм оның ақыбетлери ҳаққында, ҳәр қыйлы диний ағымлар, диний экстремизм ҳәм терроризмниң ақыбетлери, әсиресе, рухсат етилмеген интернет сайтларында ушырасатуғын ҳәр қыйлы ойынлардан сақланыўы ушын бос ўакытларын мазмунлы еткериўи ушын әлбетте, бул имканиятлардан пайдаланыў мақсетке муўапық алып барылмакта.

Бизиң азат ҳәм абат елимизде Ғәрезсизлигимиз шарапаты менен хеш бир инсан итибардан шетте қалмайды. Имканияты шекленген, майып инсанлар ҳәмме ўақытта итибарда болып, оларға жәрдем берилип, қоллап-қуўатлана береди.

Жазира КУЗДИБАЕВА,
Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў
министрлигине қараслы 4-санлы герең ҳәм шала
еситиўши балалар ушьн қәнигелестирилген мәмлекетлик
билимлендириў мәкемеси. окытыўшысы.

Дерек: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы
6-декабрь, 2018-жыл. №49 (8013)

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Поиск

Услуги

Главная страница сайта

Категории

Протянем друг другу руку помощи и поддержки


Вы знаете своя права?

Справочник

Учреждений и организаций работающих для людей с особыми потребностями в Республики Каракалпакстан

Сотрудничество





Б
л
и
ц
-
И
н
ф
о
р
м
а
ц
и
я

Полное имя и отчество: Авезов Саламат Юлдашевич.
Дата рождения: 1983 год 27 июль.
Место рождения: город Нукус.
Образование: Нукусский Филиал ТУИТ. Факультет Информационные технологии.
Специальность: Информатика и информационные технологии, Веб-дизайнер.
Знак зодиака: Лев.
Год рождения человека: Кабан.
Читайте дальше...

Go to Top