Саламат Авезов

| |

Жас тамашагөйлер театрында имканияты шекленген балалар ушын қайырқомлық концерти шөлкемлестирилди

Сана: 31.05.2019  |  Муаллиф: KKNEWS.uz  |  Манба: KKNEWS.uz  |  Ўқилди: 1507Шарҳ 0

Усы жылдың 29-май күни Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги, Өзбекстан Арнаўлы Олимпиадасы спорт жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлими ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры менен биргеликте «1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни» мүнәсибети менен «Ҳәр бир балаға меҳир итибар» сүрени астында имканияты шекленген балалар ушын жас эстрада қосыкшылары атқарыўында қайырқомлық концерт бағдарламасы болып өтти. Бул ҳаққында театр рәсмий веб-сайты хабар берди.

Дәслеп келген мийманлар театр фойесинде имканияты шекленген окыўшылардың өз коллары менен тоқыған ҳәр түрли тоқымашылық буйымлары, курақтан исленген миллий қол өнерлери, сүўретлери менен танысты.

Соңынан жыйналғанларға халқымыз сүйген талантлы қосықшылар ҳәм балалар тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди.

Концерт соңында имканияты шекленген балаларға  шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар берилди ҳәм олар да өзлерине қаратылған итибардан кеўиллери қуўанышқа толып, байрамды кеўилли өткерди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Дерек: KKNEWS.uz – Қарақалпақстан хабар агентлиги Рәсмий веб-сайты

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Поиск

Услуги

Главная страница сайта

Категории

Протянем друг другу руку помощи и поддержки


Вы знаете своя права?

Справочник

Учреждений и организаций работающих для людей с особыми потребностями в Республики Каракалпакстан

Сотрудничество





Б
л
и
ц
-
И
н
ф
о
р
м
а
ц
и
я

Полное имя и отчество: Авезов Саламат Юлдашевич.
Дата рождения: 1983 год 27 июль.
Место рождения: город Нукус.
Образование: Нукусский Филиал ТУИТ. Факультет Информационные технологии.
Специальность: Информатика и информационные технологии, Веб-дизайнер.
Знак зодиака: Лев.
Год рождения человека: Кабан.
Читайте дальше...

Go to Top