Саламат Авезов

| |

ДҮНЬЯНЫ МЕҲИР ҚУТҚАРАДЫ

Сана: 24-декабрь, 2020-жыл. №51-52 (8120)  |  Муаллиф: Наргиза НУРИЕВА  |  Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы  |  Ўқилди: 1942Шарҳ 0

Арамызда сондай инсанлар бар, қәлби таза, баладай пәк, жүреклери тек ғана жақсылықлар менен толы. Олар менен сәўбетлес болып қалсаңыз, меҳир-муҳаббат пенен суўғарылған әңгимелери өмирдиң гөззаллығын, турмыстың шийрин екенлигин аңлатады. Усындай инсанлардың бири – көпшиликке таныс болған, программалаўшы, илимли, зыялы, компьютер технологияларының жетик маманы, бир қанша жойбарлардың авторы Саламат Авезов. Оның ислеп атырған жумыслары менен таныса отырып, бул адам қалайынша барлығына үлгереди екен, деп ойлап қаламан. Имканияты шекленген болыўына қарамастан не бир дени саў азаматларымыздың қолынан келе бермейтуғын ақыллый мийнетлерди жүдә кәмине келтиреди. Билимли, саўаты менен ҳәўесин арттыратуғын Саламат өзи сыяқлы теңлеслериниң өмири, оқыўлары, жумыслары, қызығыўшылықлары ҳаққында басқалар да хабардар болыўын мақсет еткен ҳалда www.mehrtilsimi.uz веб-сайтын жаратты.

Соны да айрықша атап өтиў керек, бул сайт Өзбекстан көлеминде имканияты шекленген инсанлар ҳаққындағы бирден-бир мағлыўмат бериўши сайт. Сондай-ақ, С.Авезовтың жақын жыллар ишинде әмелге асырып киятырған нәтийжели жумысларының және бири – ол телеграм тармағында майыплығы болған инсанлар өз ҳуқықларын сорап, билип, түсинип алыўлары ушын «Disability Rights» имканияты шекленген инсанлар ҳуқықы атамасындағы каналын ашып, жолға қойған. Бундағы мақсет – имканияты шекленген адамлар өзлерине болған қандай мүмкиншиликлер бар екенин, нызам менен тәртипке салынған ҳуқықлары ҳаққында кең түрде түсиниклер алыўы ушын турақлы түрде жүргизилип келинбекте, Саламат өзиниң шекленбеген имканиятларын жүзеге шығарыў ушын тынымсыз изленисте. Әтирапындағы барлық жақынларына жәрдем қолын созып, бар меҳирин бериўден жалықпайтуғын ол редакциямыз бенен ҳәр дайым тығыз байланыста.

Өзиниң түрли мазмундағы мақалалары менен газетамызға келип турады. Оның жанында ҳәр дайым әкеси бирге жүреди. Қай жерге барса да, Саламатты қоллап-қуўатлап жүреди.
Биз де бир қатар таңлаўлардың жеңипазы Саламат Авезовқа Жаңа жыл қарсаңында жаңа табыслар ҳәм беккем денсаўлық тилеймиз.

Наргиза НУРИЕВА.

«Қарақалпақстан жаслары» газетасы
24-декабрь, 2020-жыл. №51-52 (8120)

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Поиск

Услуги

Главная страница сайта

Категории

Протянем друг другу руку помощи и поддержки


Вы знаете своя права?

Справочник

Учреждений и организаций работающих для людей с особыми потребностями в Республики Каракалпакстан

Сотрудничество





Б
л
и
ц
-
И
н
ф
о
р
м
а
ц
и
я

Полное имя и отчество: Авезов Саламат Юлдашевич.
Дата рождения: 1983 год 27 июль.
Место рождения: город Нукус.
Образование: Нукусский Филиал ТУИТ. Факультет Информационные технологии.
Специальность: Информатика и информационные технологии, Веб-дизайнер.
Знак зодиака: Лев.
Год рождения человека: Кабан.
Читайте дальше...

Go to Top