Саламат Авезов

| |

Кемеден қорққан қул

Сана: 17.09.2016 23:33  |  Муаллиф: Светлана Жалменова  |  Рукн: Кичик ҳикоялар  |  Ўқилди: 1430Шарҳ 0

Бир күни патша менен қул бир кемеге шығыпты. Өмиринде теңиз көрмеген қул кеме ҳәрекетленгенинде қорқып бақыра баслапты. Қул әтираптағылардың түсиндирип, тынышландырыўларына қарамай бақыра берипти. Қулдың шаўқым салып бақыра бергенинен патшаның берекети қашып, тынышсызланыпты.

Кемеде дана бир қария патшаға:

— Рухсат етсеңиз оны тынышландыра аламан, – депти.

Патша «онда жүдә жақсы болар еди» деп рухсат берипти. Патшаның рухсаты менен қария қулды теңизге таслаўын буйырыпты. Жүзиўди билмейтуғын қул жан ҳалатта жәрдем сорапты.

Қулдың суўда ығып баратырғанын көрген дана киси: «Болды, жетеди, алып шығыңлар оны» депти. Қул оны алып шыққанларға рахмет айтып бир мүйеште тыныш ғана, үндеместен отырыпты.

Қарияның бул исине мыйығында күлип патша: – Қулды сен қалай тынышландырдың? деп сорапты.

Қария жуўап берип: – Отырған жеринде бақырып-шақырып шаўқым салып атырған бул адам илгери теңизде шөгип көрмеген. Соның ушын кемедеги тынышлықтың қәдирин билмейди. Бул қул сыяқлы денсаўлық ҳәм қәтержамлықтың қәдирин тек оны жойтқанлар ғана биледи. Адамның басына бир күлпет, ғам келсе ғана тынышлық ҳәм рәҳәттиң түп мәнисине түсинип жетеди.

Өзбек тилинен
Светлана Жалменова
аӯдармасы

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Поиск

Услуги

Главная страница сайта

Категории

Протянем друг другу руку помощи и поддержки


Вы знаете своя права?

Справочник

Учреждений и организаций работающих для людей с особыми потребностями в Республики Каракалпакстан

Сотрудничество





Б
л
и
ц
-
И
н
ф
о
р
м
а
ц
и
я

Полное имя и отчество: Авезов Саламат Юлдашевич.
Дата рождения: 1983 год 27 июль.
Место рождения: город Нукус.
Образование: Нукусский Филиал ТУИТ. Факультет Информационные технологии.
Специальность: Информатика и информационные технологии, Веб-дизайнер.
Знак зодиака: Лев.
Год рождения человека: Кабан.
Читайте дальше...

Go to Top