Саламат Авезов

| |

Еки дана алма

Сана: 25.08.2016 11:17  |  Муаллиф: Светлана Жалменова  |  Рукн: Кичик ҳикоялар  |  Ўқилди: 1155Шарҳ 0

Бир кишкене қыз еки қолына еки дана алма услап турар еди. Сол пайыт анасы кирип келди ҳәм жүзинде күле шырай мыйық тартып  әсте қызынан сорады:
«Шүкирим мениң, анажаныңа усы алмалардан биреӯин бересең бе?»
Сонда қыз анасына бир мүддет қарап турды да, алманың биреӯин бир тиследи ҳәм тезде екинши алмадан да бир тислем жеди. Буны көрген анасының жүзинде суӯықлық пайда болып, пысы қурыды.

Бирақ, буны қызына билдирмеӯге тырысып сабыр етти. Қызы болса қолында тисленген алмалардан биреӯин анасына узатып былай деди: «Анажан, мынаӯсы Сизге, жеп көриң бул мазалырақ екен»

Буннан шығарар жуӯмақ: Сиз ким болсаңызда, өмир тәжирийбеңиз қәншелли көп болсада, өзиңизди соншели билимданман деп есапласаңызда ҳәмме ӯақыт ҳүким шығарыӯға асықпаң! Басқаларға өзлери түсиндирип бериӯине имкан бериң. Сиз көрип еситип турған нәрсе ҳәрдайым ҳәм хақыйқат болмаӯы мүмкин. Хеш қашан биреӯлер ушын жуӯмақ шығарып қоймаң! Жоқарыдағы  ӯақыяда егер анасы  асығыслық етип яки келте ойлап қызына қопал сөз ямаса қопал ис-ҳәрекет еткенинде  қызы қаншелли руӯхый сыныӯы хазар шегиӯи мүмкин еди. Халқымыз: «Берди син айтаман дегенше басын жарма» деп соның ушын айтқан.

Өзбек тилинен
Светлана Жалменова
аӯдармасы

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Поиск

Услуги

Главная страница сайта

Категории

Протянем друг другу руку помощи и поддержки


Вы знаете своя права?

Справочник

Учреждений и организаций работающих для людей с особыми потребностями в Республики Каракалпакстан

Сотрудничество





Б
л
и
ц
-
И
н
ф
о
р
м
а
ц
и
я

Полное имя и отчество: Авезов Саламат Юлдашевич.
Дата рождения: 1983 год 27 июль.
Место рождения: город Нукус.
Образование: Нукусский Филиал ТУИТ. Факультет Информационные технологии.
Специальность: Информатика и информационные технологии, Веб-дизайнер.
Знак зодиака: Лев.
Год рождения человека: Кабан.
Читайте дальше...

Go to Top