Сана: 10.04.2016 − 16:32 | Муаллиф: Саламат Авезов | Рукн: Таржимонлик маҳорати | Ўқилди: 2201Шарҳ 0
Жаңа үйге көшер гезлери Томас балалық үйиниң ҳәр қарыс жерини көзден кеширди. Хызметкерлерден өзиңе қәдирдан нәрселерди машинаға абайлапғанша жүклеӯди өтиниш етти. Балалығында кийимлери сақлаңған шкафтың жоқарысынан анасының сүйикли қызыл реңли чемоданы шықты. Томас оны сақлық пенен стол үстине қойып, ашты. Анасына тийисли буйымлар арасынан шыққат сарғыш қағазды алды. Хат астына оның муғаллими қол қойған екен. Бул изма Томасға анасы менен байланыслы екенин еслетип жиберди.
...Ол пайтта Томас биринши класста оқыйтуғын еди. Сол күни муғаллими оған бир хат берип, анасының қолына услатыӯы зәрүрлиги тайынланған еди. Томас хатты анасына әкелип берди. Хатқа көз таслап атырған анасының қапа көзлеринде жас айланды, соң перзентин баӯырына алды. «Муғаллимим не жазған екен?» – қызықып сорады улы анасынан.
«Ол сениң жүдә ақыллы екениңди, бул мектеп саған туӯры келмеслигин айтып, меннен басқа абрайлы мектепке өткизиӯимди сорапты», деп анасы күлимсиреӯге ҳәрекет етер еди.
Чемодандан тапылған, ӯақыт урынтырып қойған сол хатты Томас ҳәзир, биринши мәрте оқып, таң қалды: «Сизиң улыңыз рухий қәсте. Өтиниш, оны қәнигелесген басқа бир мектепге жайластырсаңыз. Ҳүрмет пенен муғаллими»...
XIX ҳәм XX әсирдиң теңсиз данышпанларының бири Томас Эдисонның кирпиклери нәмленди. Анасының қаншелли ақыллы ҳаял болғанына және бир мәрте ықрар болып, өз тәғдири ушын анасынан миннетдар болды.
Өзбек тилинен
Саламат Авезов
аӯдармасы
«Қарақалпақстан жаслары» газетасы
28-апрель, 2016-жыл №18 (7878)
Полное имя и отчество: Авезов Саламат Юлдашевич.
Дата рождения: 1983 год 27 июль.
Место рождения: город Нукус.
Образование: Нукусский Филиал ТУИТ. Факультет Информационные технологии.
Специальность: Информатика и информационные технологии, Веб-дизайнер.
Знак зодиака: Лев.
Год рождения человека: Кабан.
Читайте дальше...