Саламат Авезов

| |

Алланың кәраматы

Сана: 14.10.2016 10:14  |  Муаллиф: Светлана Жалменова  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати  |  Ўқилди: 1402Шарҳ 0

— Илтимас маған кәрамат деген дәриңизден бир дана берип жибериң, – кишкене ғана қызалақтың бул сөзлери дәри сатыўшы ҳаялды таң қалдырды.
— Қандай дәрини айтып атырсаң? – деп қайта сорады ҳаял.
— Инишегим қатты аўырып жатырыпты. Анам бағана оны тек ғана Алланың кәраматы ғана қутқара алады деп айтқанын еситтим. Ағамда болса сол дәрини сатып алыў ушын жетерли ақшасы жоқ. Өзимниң азғантай жыйнап қойған ақшам бар еди. Илтимас, бир дана болса да сол дәриңизден бериң!

— Қызым, айтып атырман-ғо бундай дәри жоқ, сатылмайды да.

— Илтимас, ақшасын төлеймен. Жетпесе ертең қалғанын әкелип беремен. Бир дана болсада «Алланың кәраматы»нан берип жибере-ғойыңда...

Сол пайытта есиктен жақсы кийинген, көзәйнекли бир қарыйдар кирип келди. Ол бул қыздың соңғы сөзлерин еситип үлгерген еди.

— Қызым, қандай кәраматты айтып турсаң? – деп сорады ол киси.

— Билмедим. Аға, маған аты сондай дәри дым қаттыға керек болып тур. Инишшегимди операция ислейжақ бирақ ағам керекли ақшаны таӯып бере алмай атыр. Олардың айтыӯынша, «Алланың кәраматы» ғана инишегимди асырап қалар екен. Қымбат баҳада сатылсада сатып алған болар едим.. – деди қыз көз жасларын сыпырып.

— Ал, қалтаңда қанша ақшаң бар? – деп сорады жаңағы киси.

— Он ярым рупия.

— Мени инишегинниң қасына алып бара аласаң ба? Оған қандай кәрамат керек екениң билмекши едим.

Бул адам Ирандағы белгили доктор Ашрафий еди. Ол баланы көрди де операцияға таярлық көриӯ ушын буйрық берди. Бала операциядан жақсы шықты. Бала операциядан көзин ашып созымлы күлимсиреди. Анасы болса көзлеринде жас тола қамсығып былай деди:

— Рахмет доктор, Сиз себеп болып балам тири қалды.

— Кеширерсиз, – шыпакер сөзинде даӯам етти. Буны мен ислемедим, балаңызды мен қутқармадым. Бул кишкене ғана қызыңыздың шын ықласы менен тилеген тилеги тийкарында қабыл болған Алланың инаяты еди. Оның кәраматы0.

— Ақшасын қалай төлесек болады? Баҳасы қанша болады?

Хирург күлимсиреди.

— Хешқанша болмайды. Сиз қәӯетерленбең ақшасы төленген. Бул мениң өмиримдеги ең қымбат операция.

Ананың көз жаслары сорғалап кеӯлинен атылып шыққан сөзлери мынадай болды:

— Рахмет Сизге! Бул жақсылығыңызды бир өмир умытпайман.

Бул пайытта сорлы ана баласы ушын исленген операция бар жоғы он ярым рупияға баҳаланғанынан бийхабар еди.  Алла Таала өз кәраматы күшин және бир мәрте дәлийллеў ушын усы шыпакерди себепши етип жиберген еди.

Ашшы шынлық – дүньяны ақша басқарады деп ойлаймыз көпшилигимиз. Ал, тийкарында бул әлемди Жаратқанға деген күшли пәк ийман исеним, инсаныйлық пазыйлетлер басқарып турады ҳәм сол бир Қудиретли күштиң кәраматы асырап турыпты.

Өзбек тилинен
Светлана Жалменова
аӯдармасы

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Поиск

Услуги

Главная страница сайта

Категории

Протянем друг другу руку помощи и поддержки


Вы знаете своя права?

Справочник

Учреждений и организаций работающих для людей с особыми потребностями в Республики Каракалпакстан

Сотрудничество





Б
л
и
ц
-
И
н
ф
о
р
м
а
ц
и
я

Полное имя и отчество: Авезов Саламат Юлдашевич.
Дата рождения: 1983 год 27 июль.
Место рождения: город Нукус.
Образование: Нукусский Филиал ТУИТ. Факультет Информационные технологии.
Специальность: Информатика и информационные технологии, Веб-дизайнер.
Знак зодиака: Лев.
Год рождения человека: Кабан.
Читайте дальше...

Go to Top