Саламат Авезов

| |

Дүньяны дүзетиў

Сана: 18.01.2017 11:21  |  Муаллиф: Светлана Жалменова  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати  |  Ўқилди: 1279Шарҳ 0

Бир адам екшемби күни бир ҳәптелик шаршаўын шығарайын деп ерте таңнан қолына газетасын алып күн бойы ҳеш нәрсе ислемей, ҳеш жерге бармай үйде болыўды режелестирди.
Сол пайыт баласы қасына келип паркке қашан апаратуғынын сорады.

Шынында да ол кеше перзентине ертең қыдыртатуғынын айтып ўәде берип қойған еди. Бирақ, әкениң бүгин көшеге шыққысы келмей тур. Сол мәҳәли көзи қолындағы газетаның арқа тәрепиндеги дүнья картасына түсти. Газетаны бир нешше бөлеклерге жыртып баласына былай деди: Егер усы картаны қайта қурастырып шыға алсаң, сени паркке апараман.

Арадан он минуттай ўақыт өтер өтпестен баласы әкесиниң қасына жуўырып келип былай деди: – Аға, картаны қурастырдым, енди паркке барамыз ба?

Ағасы алдын буған оншелли исенбеген болса да, кейиншелли өз көзи менен көрип таң қалды. Қараса, карта пүтин, қурастырылған.

— Буны қалайынша иследиң?» деп сорады баласынан.

Ал, баласының берген жуўабы оннан да бетер ҳайран қаларлық ойландырарлы еди:

— Картаның артқы тәрепинде бир адамның сүўрети бар екен, адамды дүзетип едим, дүнья өзинен өзи дүзелди.

Өзбек тилинен
Светлана Жалменова
аўдармасы

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Поиск

Услуги

Главная страница сайта

Категории

Протянем друг другу руку помощи и поддержки


Вы знаете своя права?

Справочник

Учреждений и организаций работающих для людей с особыми потребностями в Республики Каракалпакстан

Сотрудничество





Б
л
и
ц
-
И
н
ф
о
р
м
а
ц
и
я

Полное имя и отчество: Авезов Саламат Юлдашевич.
Дата рождения: 1983 год 27 июль.
Место рождения: город Нукус.
Образование: Нукусский Филиал ТУИТ. Факультет Информационные технологии.
Специальность: Информатика и информационные технологии, Веб-дизайнер.
Знак зодиака: Лев.
Год рождения человека: Кабан.
Читайте дальше...

Go to Top