Саламат Авезов

| |

Тәбиятқа ғамхорлығың – сениң биринши адамгершилигиң!

Сана: 23.02.2017 17:25  |  Муаллиф: Светлана Жалменова  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати  |  Ўқилди: 2996Шарҳ 0

Бул ўақыя еки жыл алдын жүз берген еди.  Мен атам ҳәм кемпир апамның үйине барғанымда дала ҳәўлиде топ-топ жыйналған қусларға көзим түсти. Шымшық, қумыры, майна хәм басқа да ҳәрқыйлы  қуслар терек шақаларында ҳәм дийўалларда қонып – қонақлап отырар еди. Мениң оларға тигилип қарап турғанымды көрген атам, бул қусларды бир нешше жыллардан бери турақлы түрде еки мәҳәл нан қалдықлары ҳәм бийдай дәнлери менен баққаны себепли мине қуслар ҳәр күни тек ғана оны интизарлық пенен күтетуғынлығын айтты. 

Бул жағдай мени оғада илҳамландырды ҳәмде атамның бул адамгершилик пазыйлетине сүйсиндим. Атамның айтыўына қарағанда, қыстың қақаман аязлы күнлери қуслар жәрдемге, инсан ғамхорлығына жүдә мүтәж болады. Оларға жәрдем бериў қайырлы, саўаплы ис.

Сол күнниң өзинде – ақ көрген нәрселеримниң ҳәммесин ҳәўес ҳәм қунт пенен Murad Buildings топарымыз бенен бирге мәсләҳәтлестим. Топарымыз сол заматта усындай саўаплы жумыстың көлемин кеңейтиў басқаларға ен жайдырыўды алдымызға мақсет етип қойдық.

Бир айдың ишинде бизлер 300 дана қус уяларын мәдений дем алыў бағлары, балалар бақшалары, мектеплер ҳәмде басқада Ташкент қаласының көп ғана жәмәәтлик орынларында орнатып қурып шықтық. Қосымша және 200 дана қус уяларын жақын күнлерде орнатып шығыў нийетимиз бар.

Шынлығын айтқанда бул орынланған ислеримизден қуслар сыяқлы биз өзимизде қатты қуўандық. Исенемен, бул ўақыя сизди де усындай саўаплы ислерге қарай жетеклейди.

Хүрмет пенен
Мурат Назаров.

Өзбек тилинен
Светлана Жалменова
аўдармасы

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Поиск

Услуги

Главная страница сайта

Категории

Протянем друг другу руку помощи и поддержки


Вы знаете своя права?

Справочник

Учреждений и организаций работающих для людей с особыми потребностями в Республики Каракалпакстан

Сотрудничество





Б
л
и
ц
-
И
н
ф
о
р
м
а
ц
и
я

Полное имя и отчество: Авезов Саламат Юлдашевич.
Дата рождения: 1983 год 27 июль.
Место рождения: город Нукус.
Образование: Нукусский Филиал ТУИТ. Факультет Информационные технологии.
Специальность: Информатика и информационные технологии, Веб-дизайнер.
Знак зодиака: Лев.
Год рождения человека: Кабан.
Читайте дальше...

Go to Top