Сана: 27.08.2016 10:35 | Муаллиф: Саламат Авезов | Рукн: Таржимонлик маҳорати | Ўқилди: 2178Шарҳ 0
Бир адамның еки үлкен гүзеси бар еди. Ол суӯ алып келиӯи ушын гүзелерин ийин ағашға илип, сайға жол алады. Гүзелериниң бириўиниң жарығы бар еди. Оны үйине көтерип келгенше суӯдың ярымы ағып кетти. Екинши гүзе пүтин болғанлықтан бир тамшы да төгилмеди.
Бул жағдай еки жыл тәкирарланды. Сынық гүзе өз кемшилигинен жүдә уялды. Пүтини гүзе сынық гүзеге жаман «көз» бенен қарар еди.
Бир күни сынық гүзе ийесине деди:
— Алдыңызда гүнәкәрман ҳәм кеширим сорайман.
Еки жылдан бери жарық себепли көтериӯим керек болған суӯдың тек ярымы ғана қалып атыр. Сизге жәрдемим тиймей атырғанынан қысынаман.
Сонда ийеси күлип, гүзеге:
— Кеширим сораӯдың кереги жоқ. Биз ҳәр күни суӯ тасыйтуғын соқпақтың оң таманындағы гүллерди көрдиң бе?
Гүзе оң таманындағы жолда бир-биринен гөззал гүллер ашылып жатқанын көрипти.
Сонда гүзе көтерген адам:
— Гүллердиң тек сени көтерген тәрепинде өскенине кеӯил бердиң бе? Мен сениң кемшилигиңди билер едим, әлбетте. Сол себебли хошрой гүллер туқымын егип, сеннен оларды суӯғарыӯда пайдаландым. Сен болсаң, ҳәр күни өзиң билмеген ҳалда оларды суӯғардың, — депти.
Өзбек тилинен
Саламат Авезов
аӯдармасы
«Қарақалпақстан жаслары» газетасы
29-сентябрь, 2016-жыл №38 (7898)
Полное имя и отчество: Авезов Саламат Юлдашевич.
Дата рождения: 1983 год 27 июль.
Место рождения: город Нукус.
Образование: Нукусский Филиал ТУИТ. Факультет Информационные технологии.
Специальность: Информатика и информационные технологии, Веб-дизайнер.
Знак зодиака: Лев.
Год рождения человека: Кабан.
Читайте дальше...