Сана: 25.05.2018 | Муаллиф: Ислам Матеков | Манба: KarInform.uz | Ўқилди: 1690Шарҳ 0
Өзбекстан жаслар аўқамының Нөкис қалалық Кеңеси тәрепинен пайтахтымызда жасайтуғын имканияты шекленген, майыплығы болған ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж болған балалардың ҳалынан тез-тезден хабар алынып, оларға ғамқорлықлар көрсетип келинбекте. «1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни» мүнәсибети менен усы жылдың 22-май күни Нөкис қаласында жасайтуғын 7 жаслы М.Оразбаевқа майыплық арбашасы, 10 жаслы А.Ержановқа емлениў ушын дәрилер ҳәм үй шараятында оқып, билим алып атырған 9 жаслы Э.Абатовқа жазыў доскасы тапсырылды.
Балалар ҳәм олардың ата-аналары Президентимиз, ҳүкиметимиз ҳәм жаслар аўқамынан шексиз миннетдар екенлигин билдирди.
Бундай қайырқомлық илажлары еле даўам етпекте.
Ислам Матеков.
Полное имя и отчество: Авезов Саламат Юлдашевич.
Дата рождения: 1983 год 27 июль.
Место рождения: город Нукус.
Образование: Нукусский Филиал ТУИТ. Факультет Информационные технологии.
Специальность: Информатика и информационные технологии, Веб-дизайнер.
Знак зодиака: Лев.
Год рождения человека: Кабан.
Читайте дальше...