Саламат Авезов

| |

Майыплар арбашасы, емлениў ушын дәрилер, жазыў доскасы. Жаслар аўқамы Нөкис қалалық Кеңеси 3 балаға қайырқомлық көрсетти

Сана: 25.05.2018  |  Муаллиф: Ислам Матеков  |  Манба: KarInform.uz  |  Ўқилди: 1432Шарҳ 0

Өзбекстан жаслар аўқамының Нөкис қалалық Кеңеси тәрепинен пайтахтымызда жасайтуғын имканияты шекленген, майыплығы болған ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж болған балалардың ҳалынан тез-тезден хабар алынып, оларға ғамқорлықлар көрсетип келинбекте. «1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни» мүнәсибети менен усы жылдың 22-май күни Нөкис қаласында жасайтуғын 7 жаслы М.Оразбаевқа майыплық арбашасы, 10 жаслы А.Ержановқа емлениў ушын дәрилер ҳәм үй шараятында оқып, билим алып атырған 9 жаслы Э.Абатовқа жазыў доскасы тапсырылды.

Балалар ҳәм олардың ата-аналары Президентимиз, ҳүкиметимиз ҳәм жаслар аўқамынан шексиз миннетдар екенлигин билдирди.

Бундай қайырқомлық илажлары еле даўам етпекте.

Ислам Матеков.

Манба: KarInform.uz – Информациялық-аналитикалық сайт

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top