Саламат Авезов

| |

Майыплық напақасы

Сәне: 16.03.2020  |  Автор: Саламат Авезов  |  Рубрика: Майыплық напақасы

Майыплық напақасы майыплық садыр болған ҳалларда, жасынан қәте нәзер, мийнет стажына ийе болмаған I ҳәм II топар майыпларына тек ғана мийнет қәбилети даўамлы ямаса узақ мүддетге жоқалтылғанда тайынланады ҳәм төленеди.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2012 жыл 9 ноябрьдағы ПФ-4482-сан Пәрманына тийкар 2012-жыл 1-декабрьдан напақа 95 520 сўм муғдарында төленеди.

Напақаларды тайынлаў ҳәм төлеў Өзбекистан Республикасы Финанс министрлиги қасындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорының район (қала) бөлимлери тәрепинен әмелге асырылады.

Арзаға паспорт ямаса туўылғанлығы ҳаққында гүўанама көширмеси қосымша қылыныўы керек.

Пенсия қоры бөлими арзаға медицина-мийнет экспорт комиссиясынан алынған медицина тексериў далалатнамасынан көшермени қосымша қылады.

Мийнет жолына жарамы шекленлиги дәрежесини анықлаў ушын медицина тек тексериў (мийнетке жарамлығы мудамы ямаса узақ мүддет жойылтылғанда) медицина-мийнет экспорт комиссиялары (ММЭК) тәрепинен әмелге асырылады.

Пуқара мийнет жолына жарамлы емес ямаса оған мийнет жолы менен шуғылланыў мүмкин емеслиги (ямаса кери екенлиги) белгиленген тәғдиирде ММЭК мийнет қәбилийетиниң мудамы ямаса узақ мүддетке жойылтылғанлығы ҳаққында тийисли жуўмақ шығарады.

Ҳақ төленетуғын жумыс ислеп атырған ямаса басқа дараматына ийе болған (алиментлер ямаса стипендиялар алыў буннан басқа) I ҳәм II топар майыпларға майыплық напақасы төленбейди.

Дерек: Өзбекистан Республиксы Финанс министрлиги
қасындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры

Өзбек тилинен
Саламат Авезов
аўдармасы.

“Disability Rights” – Майыплығы болған шахслар ҳуқықы Арнаўлы топламы телеграм каналына ағза болың

© P.S.: Идея авторы: Саламат Авезов.
Балалығынан II-топар майыбы «ДЦП – (Детский Церебральный Паралич) - БЦЛ – Балалар Церебрал Ләңи)» диагнозы.

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў


Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top