Саламат Авезов

| |

Балалығынан майыпларға напақалар

Сәне: 16.03.2020  |  Автор: Саламат Авезов  |  Рубрика: Балалығынан майыпларға напақалар

Напақа алыў ҳуқықына медицина-мийнет эксперт комиссиялары (ММЭК) тәрепинен балалығынан I топар майыплары, балалығынан II топар майыплары деп табылған 16 жастан үлкен шахслар, сондай-ақ напақа алыў ҳуқықыны беретуғын медицина жуўмағы бар болған тәғдирде 16 жасға дейин майып балалар ийе.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2012-жыл 9-ноябрьдағы ПФ-4482-сан Пәрманына тийкар 2012-жыл 1-декабрьдан напақа 155670 сўм мүғдарында төленеди.

Напақаны тайынлаў ҳәм төлеў арза бериўшиниң жасаў мәнзили бойынша Финанс министрлиги қасындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорының район (қала) бөлимлери тәрепинен әмелге асырылады.

Напақаны тайынлаў ҳаққындағы арза (кейинги орынларда арза деп аталады):

— 16 жастан үлкен балалығынан майып тәрепинен;

— мәмле қылыў қабылетини жоғатылған 16 жастан үлкен балалығынан майыптың ата-анасы, перзентликке алыўшы, ғамхор ямаса қәўендер тәрепинен;

— майып баланың ата-анасы, перзентликке алыўшы, ғамхор ямаса қәўендер тәрепинен жасаў орны бойынша Пенсия қоры бөлимине бериледи.

Арзаға төмендеги ҳүжжетлер қосымша қылынады:

а) 16 жастан үлкен балалығынан майып тәрепинен – паспортиниң көширмеси;

б) мәмле қылыў қабылетини жоғатылған 16 жастан үлкен балалығынан майыптың ата-анасы, перзентликке алыўшы, ғамхор ямаса қәўендер тәрепинен – мәмле қылыў қабылетини жоғатылған деп табылған 16 жастан үлкен балалығынан майыптың паспорти көширмеси, арза берген ата-ана, перзентликке алыўшы, ғамхор ямаса қәўендердиң паспорти көширмеси;

в) майып баланың  ата-анасы, перзентликке алыўшы, ғамхор ямаса қәўендери тәрепинен – майып бала туўылғанлығы ҳаққындағы гүўанама көширмеси, майып баланың жасаў орны тастықлайтуғын пуқараларның өзини өзи басқарыў органы мағлыўматнамасы, денсаўлықты сақлаў мәкемелери тәрепинен белгиленген тәртипте берилетуғын медицина жуўмағы, арза берген ата-ана, перзентликке алыўшы, ғамхор ямаса қәўендердиң паспорти көширмеси;

Перзентликке алыўшы, ғамхор ямаса қәўендер тәрепинен арза мен мүрәжеет қылғанда район (қала) ҳәкиминиң перзентликке алыўш, ғамхор ямаса қәўендерликти белгилеў ҳаққындағы қарарының көширмеси ҳәм усынада.

Пенсия қоры бөлими арзаға Пенсия қоры бөлими тәрепинен медицина-мийнет эксперт комиссиясынан алынған 16 жастан үлкен балалығының майыпларды медицина тексириў далалатнамасынан көширмени қосымша қылады.

Напақаны төлеў төмендеги жағдайларда тохтатылады:

— 16 жастан үлкен балалығынан майып ямаса 16 жасға дейин майып бала мудамы жасаў ушын Өзбекистан Республикасы сыртқа шығып кеткенде;

— Напақа тайынланған шахслар толық мәмлекетлик тәмийнатына өткизилгенде (“Мехрибанлық”, “Сақаўат”, “Мүриўбет” үйлерине ҳәм усы кебилерге);

— 16 жастан үлкен балалығынан майып ямаса 16 жасға дейин майып бала азатлықтан айырған ҳүким қылынған тәғдирде;

— 16 жастан үлкен балалығынан майыпға «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы Нызамына тийкар мәмлекетлик пенсиясының түрлеринен бири тайынланғанда.

16 жастан үлкен балалығынан майыпға «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы Нызамына тийкар мәмлекетлик пенсиясының түрлеринен бири тайынланғанда напақа төлеў тохтатылады, пенсия болса напақа соңғы мәрте төленген айынан кейинги айдың биринши күнинен баслап төленеди.

Өзбек тилинен
Саламат Авезов
аўдармасы.

“Disability Rights” – Майыплығы болған шахслар ҳуқықы Арнаўлы топламы телеграм каналына ағза болың

© P.S.: Идея авторы: Саламат Авезов.
Балалығынан II-топар майыбы «ДЦП – (Детский Церебральный Паралич) - БЦЛ – Балалар Церебрал Ләңи)» диагнозы.

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў


Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top