Сәне: 23.08.2019 | Автор: Саламат Авезов | Рубрика: Майыплар ҳуқықлары
Майыплық қандай анықланады?
Өзбекистан Республикасының “Пуқаралар саламатлығыны сақлаў ҳаққында”ғы Нызам 37-статиясына муўапық, медицина-мийнет экспертизасы пуқаралар маыплығының себеби ҳәм топарыны, олардың мийнетке жарамсызлық дәрежесини, олар саламатлығыны тиклениўдиң түрлери, ҳәжми ҳәм мүддетини ҳәмде социаллық қорғаў илажларыны белгилейди, тийисли жуўмақлар береди. Усы жуўмақлар кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер, жәмәәт бирлеспелерниң басшылары ушын мәжбүрдир.
Майыптың билим алыў ҳәм кәсип ийелеўиндеги ҳуқықлары
Өзбекистан Республикасының “Өзбекистан Республикасында майыпларды социаллық қорғаў қылыў ҳаққында”ғы Нызамына муўапық:
— Майып балалардың мектепке шекемги билими мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде, қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелеринде, сондай-ақ интернат-үйлеринде әмелге асырылады.
— Майыплардың улыўма орта, орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм жоқары орын бәрше билимлендириў мәкемелеринде, зәрүр болған жағдайларында болса қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелеринде әмелге асырылады.
— Майыпларды кәсипке таярлаў ҳәм олардың көнликпелерини асырыў билимлендириў мәкемелеринде, сондай-ақ қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелеринде, майыплар жәмәәт бирлеспелериниң кәрханаларында тәмийинленеди.
Майыплардың мийнет етиў ҳуқықларының кепиллери
Өзбекистан Республикасының “Өзбекистан Республикасында майыпларды социаллық қорғаў қылыў ҳаққында”ғы Нызамына муўапық:
— Майып мийнет шараятлары әдетигише болған шөлкемлерде, майыплар мийнетинен пайдаланатуғын қәнигелестирилген кәрханаларды ислеўге, сондай-ақ жекке тәртиптеги мийнет искерлиги ямаса басқа искерлигини әмелге асырыўына ҳақлы.
— Майыплардың талапларыны ҳәм жергиликли айрықшалықларыны есапқа алған ҳалда қәнигелестирилген кәрханалар шөлкемлестиреди. Көзи әззиз майыплар шараятлары өз имканиятларына мас келетуғын ишлеп шығарыўда қатнасыўынларына имтиязлы ҳуқықына ийе.
— Хызметкерлердиң саны жигирма адамдан артық болмаған кәрханаларда, мәкемелер ҳәм шөлкемлерде майыпларды жумысқа жайластырыў ушын хызметкерлер санының кеми менен үш пайыз муғдарында жумыс жайларының ең кем саны зәхирада сақланады.
— Жергиликли мәмлеткет ҳәкимияты органлары, шөлкемлер үйинде ислейтуғын, сондай-ақ исбилерменлик искерлигини әмелге асырыўшы майыпларға усы искерлиги ушын жасаўға мөлшилленген жайлар берилениўде, шийки зат алыўы ҳәм өним сатыўында зәрүр жәрдем көрсетеди.
Социаллық қорғаўына мүтәж ҳәм жумыс табыўына қыйналып атырған шахсларды жумысқа жайлыстсрыў ушын жумыс орынларыны бәнт етип қойыў тәртиби ҳаққында нызамға муўапық, майыплар ушын бәнт етип қойылатуғын жумыс орынлары:
— майып балалары бар көп балалы ата-аналар ушын – балаларды тәрбиялаўда ҳәм мийнет миннетлер бойынша ўәзыйпаларды үйғынластырыў имканиятыны беретуғын, өзгериўшен жумыс кестесине ийе;
— майыплар ушын – мийнет шараятлары бойынша аттестациядан өткизилген ҳәмде хызметкерге жумыс процеслерини тосқынлықсиз бежириў имканиятыны (денсаўлығының аҳўалы ҳәм мийнет искерлигине салыстырып қарағанда белгиленген қаршылық көрсеткишлер есапқа алынған ҳалда) беритуғын болыўы зәрүр.
Майыплар денсаўлығының сақланыўы
Өзбекистан Республикасының “Пуқаралар саламатлығыны сақлаў ҳаққында”ғы Нызамы 22-статьясына муўапық;
— Майыплар, сондай-ақ майып балалар ҳәм балалықтан майыплар медицина-социаллық жәрдем алыў, күш-қуўатыны тиклениўиниң бәрше түрлеринен пайдаланыў дәри-дәрманлар, протез-ортопедия буйымлары, ҳәрекетлениў үскенелери менен имтиязлы тийкарында тәмийинлениў, сондай-ақ кәсип-өнер ийелеўине ҳәм қайта таярлықтан өтиў ҳуқықына ийе.
— Майыплар мәмлекет денсаўлықты сақлаў системасы ҳәм мийнет ҳәм халықты социаллық қорғаў мәкемелеринде бийпул медицина-социаллық жәрдем алыў, өз үйлеринде күтиў, өзгениң күтиўине мүтәж болған жарғыз майыплар ҳәм жуқпалы руўхый қәстеликлерге шалынған майыплар болса социаллық тәмийнат мәкемелеринде жасаў ҳуқықына ийе.
Өзбекистан Республикасының “Бала ҳуқықларының кепиллери ҳаққында”ғы Нызам 28-статьясына муўапық, майып балалар мәмлекет денсаўлықты сақлаў, мийнет ҳәм халықты социаллық қорғаў системасы мәкемелеринде бийпул медицина-социаллық жәрдем алыў, өз үйлеринде күтиў ҳуқықына ийе.
Майыплардың социаллық қорғаў кепилликлери
Өзбекистан Республикасының “Өзбекистан Республикасында майыпларды социаллық қорғаў қылыў ҳаққында”ғы Нызамы 26-статьясына муўапық, майыпларға төменгише социаллық жәрдем көрсетиледи:
— ақша төлемлери (пенсиялар, напақалар, бир мәрте берилетуғын төлемлер);
— техника буйымлары ямаса басқы буйымлар, сондай-ақ автомобиллер, отырғышлы арбалар, протез-ортопедия буйымлары, арнаўлы ҳәрипли баспаханалары, даўыс күшейиткиш аппаратлар ҳәм сигнализаторлар менен тәмийинлеў;
— медицина, кәсип, социаллық реабилитация қылыў ҳәм турмыслық хызметлер көрсетиў;
— транспорт хызметлерыны көрсетиў;
— дәри өнимлери менен тәмийинлеў.
Өзбекистан Республикасының “Қала жоллаўшылар транспортынан бийпул пайдаланыўды тәртипке салыў ҳаққында”ғы Нызамына муўапық, 1941-1945 жыллардағы урыс майыплары ҳәм урыстың I топар майыбына жетекшилик қылыўшы шахс, көзи әззиз майыплар ҳәм көзи әззиз майыпқа жетекшилик қылыўшы шахслар қала жоллаўшылар транспортынан (таксиден басқа) бийпул пайдаланыў ҳуқықына ийе.
Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 1997-жыл 2-февральдағы 532-санлы “Емлеў профилактика мәкемелерини қаржы менен тәмийинлеў системасыны раўажландырыў ҳаққында”ғы Нызамына муўапық, балалығынан майыплар, I ҳәм II топар майыплары, 1941-1945 жыллардағы урыс майыплары, сондай-ақ оларға теңлестирилген шахслар, Чернобиль АЭСындағы апатшылық ақыбетлерин сапластырыўда қатнасқан-майыплығы болған адамлар турғын емлеў-протика мәкемелеринде аўқатланыў төлеминен азат қылынада.
Дерек: Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекистан Республикаси Миллий Орайы
Өзбек тилинен
Саламат Авезов
аўдармасы.
“Disability Rights” – Майыплығы болған шахслар ҳуқықы Арнаўлы топламы телеграм каналына ағза болың
© P.S.: Идея авторы: Саламат Авезов.
Балалығынан II-топар майыбы «ДЦП – (Детский Церебральный Паралич) - БЦЛ – Балалар Церебрал Ләңи)» диагнозы.
Толық атым-фамилиям: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туӯылған сәнем: 1983 жыл 27 июль.
Туӯылған жерим: Нөкис қаласы.
Мағлыӯматым: ТИТУ Нөкис филиалы «Хабар Технологиялари» факультети.
Қәнегилигим: Информатика ҳәм хабар технологиялары, Веб-дизайнер.
Буржым: Арыслан.
Мушелим: Тоңғыз.
Толық...