Сәне: 28.04.2021 | Автор: Саламат Авезов | Рубрика: Мийнет ҳуқықы
Майыплар мийнетини қорғаў қылыўының қосымша илажлары
Жумыс бериўши белгиленген минимал жумыс орынлары есабынан жумыс орынларына жумысқа жайластырыў тәртибине мәҳәллий мийнет органы тәрепинен жолланған майыпларды жумысқа қабыл етиўи шәрт.
– ММЭКның майыпларға толықсыз жумыс ўақты режими орнатыў, олардың ўәзийпасыны кемейтириў ҳәм мийнетниң басқа шәртлери ҳаққындаға усынысларыны бежериў жумыс бериўши ушын мәжбүрийдир.
– I ҳәм II топар майыплығы болған шахсларға мийнетке ҳақ төлеў кемейтирилмеген ҳалда жумыс ўақтының ҳәптесине 36 сааттан аспаған қысқатырылған мүддети белгиленеди.
– I ҳәм II топар майыплығы болған шахсларға 30 календарь күннен кем болмаған мүддет менен жыллық узайтырылған тийкар дем алыс бериледи.
– Майыплығы болған шахслар түнги ўақыттағы жумысларға, сондай-ақ жумыс ўақытынан тысқары жумысларға ҳәм дем алыс күнлериндеги жумысларға тартыўға олардың келисими менен, шәрти олар ушын бундай жумыслар медицина усынысларды шеклемеген болса, жол қойылады.
Норматив ҳүжжетлер Өзбекистн Республикасы Мийнет кодексы
Дерек: Advice.uz
Өзбек тилинен
Саламат Авезов
аўдармасы.
“Disability Rights” – Майыплығы болған шахслар ҳуқықы Арнаўлы топламы телеграм каналына ағза болың
© P.S.: Идея авторы: Саламат Авезов.
Балалығынан II-топар майыбы «ДЦП – (Детский Церебральный Паралич) - БЦЛ – Балалар Церебрал Ләңи)» диагнозы.
Толық атым-фамилиям: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туӯылған сәнем: 1983 жыл 27 июль.
Туӯылған жерим: Нөкис қаласы.
Мағлыӯматым: ТИТУ Нөкис филиалы «Хабар Технологиялари» факультети.
Қәнегилигим: Информатика ҳәм хабар технологиялары, Веб-дизайнер.
Буржым: Арыслан.
Мушелим: Тоңғыз.
Толық...