Саламат Авезов

| |

Майыплық пенсиясы

Сәне: 29.08.2019  |  Автор: Саламат Авезов  |  Рубрика: Майыплық пенсиясы

Денсаўлығыны ямаса мийнет қәбийлетини жоғатылған дәрежесине қарап, майыплықтың үш топары анықланады.

Майыплық себеплери ҳәм топарлары, сондай-ақ майыплық басланған ўақыт ҳәм майыплықтың қанша мүддетке белгилениўи Медицина-мийнет эксперт комиссиялары (ММЭК) тәрепинен анықланады.

Майыплық пенсиясы ММЭК тәрепинен I ҳәм II топар майыплары деп табылған, қамсызландырған хызметкерлерге:

— мийнетте майып болғанлығы ямаса кәсип кеселлигине шалынғанлығы себепли – мийнет жумысының мүддетинен қәтий нәзер;

— басқа себеплерден – мүддетли қамсызландырған хызметкердиң майыплық жүз берген ўақытта ғана жасға байланыслы улыўма мийнет стажына ийе болған жағдайда тайинланады.

Пенсия тайинлаў ҳаққында мүрәжеет етиў

Пенсия тайинлаў мәселелери бойынша жасаў орындағы Пенсия қорының бөлимлерине:

— ислеп атырған мәкеме администрациясы арқалы;

— дийхан хожалықлары ағзалары, жекке тәртиптеги мийнет хызмети менен шуғулланыўшылар арза менен мүрәжеет қыладылар.

— ислемейтуғын пуқаралар арзасыны ғәрезсиз өзлери жасаў орындағы Пенсия қоры бөлимине береди.

Пенсия тайинлаўында керек болған ҳүжжетлер

Майыплық пенсиясыны тайинлаўды сорап мүрәжеет қылған шахстиң арзасы төмендеги ҳүжжетлер қосымша қылыныўы керек:

— жумыс стажыны, сондай-ақ арнаўлы жумыс стажыны тастықлайтуғын ҳүжжет;

— жумыс ҳақы ҳаққындағы мағлыўматнама;

— арза бериўшиниң жийналып барылатуғын пенсия дәптершеси көшермеси;

— бахытсыз қәдийсе ҳәм денсаўлығының ислеп шығарыўда басқа зақымы ҳаққындағы ҳүжжет ямаса егер майыплық мийнетте майыпланыў ақыбетинде жүз болған болса – басқа рәсмий ҳүжжет.

Зәрүрат болған ҳалларда басқа ҳүжжетлер ҳәм талап етилиўи мүмкин.

Майыплық пенсиясыны тайинлаў мүддетлери

— пенсия алыў ҳуқықы пайда болған күннен баслап 60 күнге дейин мүрежеет қылынса – ММЭК тәрепинен майыплық белгиленген күннен баслап;

— 60 күнлик мүрәжеет етиў мүддети өткизип жиберилген ҳалларда мүрәжеет қылынған күннен баслап тайинланады.

Майыплық пенсиялары ММЭК тәрепинен белгиленген майыплық дәўири ушын тайинланады.

60 жастан өткен еркек 55 жастан өткен ҳаялларға майыплық пенсиялары өмирлик тайинланады.

Әне усы майыпларды қайта медицина көриктен өткезиў тек ғана олардың арзасына көре әмелге асырылады.

Майыплық пенсиясыны алыў ҳуқықыны беретуғын жумыс стажы

Мийнетте майыпланған ямаса кәсип кеселлиги ушрағанда берилетуғын майыплық пенсиялары жумыс стажынан қәтий нәзер, тайинланады.

Улыўма кеселлик себепли берилетуғын майыплық пенсиялары майыплық басланған ўақытқа қәдер төмендиги жумыс стажына ийе болған жағдайда тайинланады.

Жас Жумыс стажы
23 жасқа шекем 2
23 жасдан 26 жасқа шекем 3
26 жасдан 31 жасқа шекем 5
31 жасдан 36 жасқа шекем 7
36 жасдан 41 жасқа шекем 9
41 жасдан 46 жасқа шекем 11
46 жасдан 51 жасқа шекем 14
51 жасдан 56 жасқа шекем 17
56 жас ҳәм оннан жоқары 20

 

20 жасқа толғанша улыўма кеселлик себепли жумыс дәўиринде ямаса жумысыны тохтатылғанынан кейин майып болып қалған шахсларға пенсиялар жумыс стажынан қәтий нәзер тайинланады.

Мийнетте майыпланғанда ямаса кәсип кеселлигине ушрағанда берилетуғын майыплық пенсиясынан улыўма кеселлик себепли берилетуғын майыплық пенсиясына өткилилгенде зәрүр стаж майыплық дәстлеп белгиленген ўақыттағы жасға қарап анықланады.

Пенсия тайинлаў ушын жеткеликли жумыс стажына ийе болмаған улыўма кеселлик әқибетиндеги I ҳәм II топар майыпларына майыплық пенсиясы бар стажына сәйкес муғдарда тайинланады.

Дерек: Advice.uz

Өзбек тилинен
Саламат Авезов
аўдармасы.

“Disability Rights” – Майыплығы болған шахслар ҳуқықы Арнаўлы топламы телеграм каналына ағза болың

© P.S.: Идея авторы: Саламат Авезов.
Балалығынан II-топар майыбы «ДЦП – (Детский Церебральный Паралич) - БЦЛ – Балалар Церебрал Ләңи)» диагнозы.

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў


Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top