Сәне: 16.03.2020 | Автор: Саламат Авезов | Рубрика: Бағыўшысыны жоғатғанлық напақасы
«Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы Нызамы бойынша мәмлекетлик пенсиясы алыў ҳуқықына ийе болмаған шахстиң қарамағында болған шаңарақтың мийнетке жарамлы болмаған ағзалары бағыўшысыны жоғатғанлық напақасы алыў ҳуқықына ийе.
Напақаны тайынлаў ҳәм төлеў арза бериўшиниң жасаў мәнзили бойынша жайласған Өзбекистан Республикасы Финанс министрлиги қасындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорының район (қала) бөлимлери тәрепинен әмелге асырылады.
Арзаға төмендеги ҳүжжетлер қосымша қылынған болыўы керек:
— паспорт ямаса туўылғанлығы ҳаққындағы гүўанама көширмеси;
— бағыўшысының өлими ҳаққындағы гүўанама ҳәм бағыўшысыны жоғатған тәғдирде напақа алыў ҳуқықына ийе болған шаңарақ ағзаларының туўылғанлығы ҳаққындағы ҳүжжетлер (паспорт ямаса туўылғанлығы ҳаққындағы гүўанама) көширмеси;
— «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы Нызамының 19-статьясында айтып өтилген шахслар шаңарағының мийнетке жарамсыз ағзалары төмендегише киритиледилер.
Бағыўшысыны жоғатғанлық напақасы өлгениниң шаңарақ ағзаларына өлген пуқара алған яамаса алыў ҳуқықына ийе болған напақаға пайыз салыстырып қарағанда төмендеги муғдарларында белгиленеди:
а) шаңарағының үш ҳәм оннан артық мийнетке жарамсыз ағзасына – напақаның 100 пайызы;
б) шаңарағының мийнетке жарамсыз еки ағзасына – напақаның 75 пайызы;
в) шаңарағының мийнетке жарамсыз бир ағзасына – напақаның 50 пайызы;
напақа алыў ҳуқықына ийе болмаған шахс өлген тәғдирде өлгениниң шаңарақ ағзаларына напақа жасына қарап напақа муғдарынан келип шыққан жағдайда белгиленеди.
Дерек: Өзбекистан Республиксы Финанс министрлиги
қасындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры
Өзбек тилинен
Саламат Авезов
аўдармасы.
“Disability Rights” – Майыплығы болған шахслар ҳуқықы Арнаўлы топламы телеграм каналына ағза болың
© P.S.: Идея авторы: Саламат Авезов.
Балалығынан II-топар майыбы «ДЦП – (Детский Церебральный Паралич) - БЦЛ – Балалар Церебрал Ләңи)» диагнозы.
Толық атым-фамилиям: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туӯылған сәнем: 1983 жыл 27 июль.
Туӯылған жерим: Нөкис қаласы.
Мағлыӯматым: ТИТУ Нөкис филиалы «Хабар Технологиялари» факультети.
Қәнегилигим: Информатика ҳәм хабар технологиялары, Веб-дизайнер.
Буржым: Арыслан.
Мушелим: Тоңғыз.
Толық...