Саламат Авезов

| |

Қәстелик — бахытсызлық емес!

Инсанға инам етилген дене ағзаларыньң ҳәр бириниң өз ўазыйпасы бар. Егер олардьң биреўинде нуқсанлық пайда болса, дүнья көзимизге қараңғы көринеди. Төрт мүшеси саў, қәлегенинше ҳәрекет ете алатуғын, кеўлинен өткен сөзлерин тили арқалы еркин баян ете алатуғын инсанларды көргенимизде оларға бәрқулла ҳәўес қыламан. Бундай ўақытларда бир сораў ойыма келеди: «Сол инсанлар өзлериниң қаншелли бахытлы екениң сезе алармекен?»

Денсаўлығы жағынан имканияты шекленген инсанлардьң әрманлар төрине қәншелли көмилип жасаўын көпшилик көз алдына келтире алмаса керек. Бундай адамлар өзин тез қолға алыўы, қыйыншылықларды жеңип өтиўи ушын ғайратлы болыў аңсат емес, әлбетте. Сондай ўақытлары кеселлик зардабына қарағанда руўхый езилиў адамды көбирек шаршатады. Әтирапымдағылардьң қайғылы көзқарасы ҳәм ашынған келбетин көрип турыўдан аўыр азап болмаса керек.

«Балалар церебраль ләңи» деген кеселлик бар екенин бәлким көпшилик еситпеген шығар. Мен бул кеселликти жақсы билемен. Қаншелли қыйын болмасын, бундай тәғдирге бас ийип, жасаў ушын гүресиў кереклигин аңлаўыма көп ўақыт керек болды. Мехрибан ата-анам ҳәм де жақынларымньң руӯхландырыўы маған ҳәрдайым күш бағышлап турды. Басқалар менен салыстырылғанымда, мениң имканиятларым шеңбери бираз шекленген. Лекин, сонда да көп нәрселерден артта қалмаўыма, гүресип ҳәм умтылып жасаўыма бәрҳама ҳәрекет қыламан.

Өткен жыллар даўамында бир нәрсени аңладым: кеселлик бахытсызлық емес, бар жоғы шыдамның, төзимниң сынаўы екен. Бир күни «Қанша хәрекет етсем де денемниң аўҳалын өзгерте алмайман. Бирақ ақыл санам, ҳәм қәлбимди басқарыў, руӯхыятымды бәрҳама кеўилли ҳәм көтериқки ҳалатта тутыўьм мүмкин-ғой», деп ойлап қалдым ҳәм бул пикирден жүдә қуўанышлы болдьм. Сол күнниң өзинде-ақ китап оқыўға киристим. Оқыўға кириў ушын таярлық көре басладым. Мийнетлерим бийкар кетпеди. 2008-жылы Ташкент информация технологиялары университети Нөкис филиалының студенти болыӯ бахытты несип етти. Информатикаға болған қызығыўшылығым бул тараўды жақсы үйрениўиме түртки болды. 2012-жылы оқыўымды табыслы тамамладым ҳәм жеке тәризде интернет сайтларын жаратыўға киристим. Бүгинги күнде бир неше сайтлардың авторыман.

Шаңарақта ата-анам, жақынларым мени өзлеринен де көбирек жақсы көреди. Мен олардан жүдә миннетдарман. Тек ғана бир бир нәрсе - ата-анам алдындағы перзентлик ўазыйпамды толық орынлай алмай, олардың хызметинде бола алмай атырғаным. Олар қәлбиндеги мениң менен байланыс, арзыў-нийетлерди әмелге асыра алмай атырғанымнан өкинемен...

Негизи, өмирге болған саламат бейимлесиў, үмит ҳәм исеним саламатлықтан да зәрүрлирек екен. Оқып үйрениўге, басқаларға қолдан келгенинше жақсылық етиўге, кеўиллерди бәрҳама саў-саламат ҳәм шын жүректен сақлаўға умтылыў тийкарғы мақсетиме айланды. Физикалық жақтан күшли  болмасас да, руӯхый жақтан ҳеш кимнен артта қалмағанлығымды сезип жасайман.

Шайыр Асқат Мухтардың бир қосығында: «Қандай жақсы, ҳәмме ушын жасаў!» деген қатары бар. Сол бир ғана қатар жүдә үлкен терең мәниске ийе. Өмир бизди ҳәр бир нәрседен ләззет алып жасаўға, тиришилик ушын гүресиўден ҳеш тоқтап қалмаўға жигерлендиреди.

Саламат АВЕЗОВ,
Ташкент информация технологиялары
университети Нөкис филиалы лаборанты,
балалығынан II топар майыбы.

«Қарақалпақстан жаслары» газетасы
26-февраль 2015-жыл №10 (7819)

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў


Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top