Саламат Авезов

| |

Жасға байланыслы напақа

Сәне: 16.03.2020  |  Автор: Саламат Авезов  |  Рубрика: Жасға байланыслы напақа

— Жасға байланыслы напақа:

— мийнет стажына ийе болмаған:

«Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийинаты ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы Нызамының 37-статьясы биринши бөлиминиң «а», «б», «в» ҳәм «г» бәнтлеринде нәзерге тутылған 7 жылдан кем мийнет стажы ийе болып, жасға байланыслы пенсия тайынлаў ушын жетирли мийнет стажына ийе болмаған шахсларға тайынланады.

Мийнет стажына ийе болмаған шахсға (балалықтан майылығы болған перзенти бар (болған) аналардан тысқары) жасға байланыслы напақа мийнетке жарамсыз ер жетпеген перзентлери, ағайынлары ямаса Өзбекистан Республикасының Шаңарақ кодексине муўапық оларды тәмийинлениўине мәжбүр болған басқа шахслар болмаған тәғдирде тәйиналанады.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2019 жыл 30 декабрьдағы ПҚ-4555-сан Қарарына тийкар 2020-жыл 1-февральдан напақа 286 390 сўм муғдарында тайынланады.

Жасға байланыслы напақа

— еркеклерге – 60 жасға жеткенлеринде;

— ҳаялларға – 55 жасға жеткенлеринде;

— балалығынан майыплығы болған перзенти бар (болған) аналарға – 55 жасға жеткенлеринде тайынланады.

Напақаны тайынлаў ҳәм төлеў Өзбекистан Республиксы Финанс министрлиги қасындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорының район (қала) бөлимлери тәрепинен әмелге асыралады.

Арзаға төмендеги ҳүжжетлер қосымша қылынған болыўы керек:

а) арза бериўшиниң жасыны тастықлайтуғын ҳүжжет (паспорт ямаса туўылғанлық ҳаққында гүўанама көшермеси);

б) мийнет стажына ийе болмаған шахсға жасға байланыслы напақа тайынлаўда – арза бериўшиниң жасаў орындағы пуқаралардың өзини өз басқарыў органынан берилген мағлыўматнама, онда арза бериўшиниң бәрше шаңарақ ағзаларының, сол сыяқлы бөлек жасайтуғын ер жетпеген мийнетке жарамлы ағзалары (ямаса олардың жоқлығы), олардың фамилиясы, аты ҳәм атасының аты, туўылған жыллары, ағайынлық дәрежеси, арза берриўши шаңарағы ҳәр бир ағзасының турмыс кешириў жағдайлары көрсетилген болыўы керек;

в) жасға байланыслы напақа тайынлаў ушын жетирли мийнет стажына ийе болмаған шахслар ушын жасға байланыслы тайынлаўда, «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы Нызамының 37-статьясы биринши бөлиминиң «а», «б», «в» ҳәм «г» бәнтлеринде нәзерде тутылған 7 жылдан кем мийнет стажына ийе болғанда – мийнет дәптершеси;

г) балалығынан майыплығы болған перзенти бар (болған) аналарға жасға байланыслы напақа тайынлаўда – балалығынан майыплығы болған перзентиниң туўылғанлық ямаса өлимлиги ҳаққында гүўанамасы көширмеси, перзенти балалығынан майып деп белгиленгенлиги ҳаққындағы ТМК тәрепинен берилген медицина жуўмағы ямаса ТМЭКның майыплық ҳаққындағы мағлыўматнамасының тийисли бөлеги.

Мийнет стажына ийе болмаған шахсға (балалығнан майыплығы болған перзенти бар (болған) аналардан тысқары) жасға байланыслы напақа тайынлаў ҳаққындағы арзасында мийнетге  жарамлы перзентлериниң, ағайынларының ямаса Өзбекистан Республикасының Шаңарақ кодексине муўапық оларды тәмийинлениўи шәрт болған басқа шахслар барлығы ҳәм арза бериўшиниң жәми дараматы ҳаққындағы мағлыўматлар мәжбүрий тәртипте көрсетилиўи зәрүр.

Ҳақ төленетуғын жумыс ислеп атырған ямаса басқа дараматына ийе болған (алиментлер ямаса стипендиялар алыў буннан басқа) шахсларға жасға байланыслы напақа тайынланады.

Дерек: Өзбекистан Республиксы Финанс министрлиги
қасындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры

Өзбек тилинен
Саламат Авезов
аўдармасы.

“Disability Rights” – Майыплығы болған шахслар ҳуқықы Арнаўлы топламы телеграм каналына ағза болың

© P.S.: Идея авторы: Саламат Авезов.
Балалығынан II-топар майыбы «ДЦП – (Детский Церебральный Паралич) - БЦЛ – Балалар Церебрал Ләңи)» диагнозы.

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў


Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top