Саламат Авезов

| |

Өзим ҳаққымда

Мен балалығымнан II-топар майыбы Авезов Саламат Юлдашевич 1983-жылы Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында туўылдым. Мениң диагнозым (ДЦП – Детский церебральный паралич, БЦЛ –Балалар церебраль ләңи) миллетим өзбек.

1992-2002 жыллар Қарақалпақстан Республикасы Халық Билимлендириўи министрлигине қараслы Нөкис қаласындағы 32-санлы орта мектепте 10 жыл тәлим алдым.

1997 жылы Қарақалпақстан Республикасы майыплар жәмийетиниң оқыӯ ислеп-шығарыӯ кәрханасы. Компьютер саӯатханалығыны үйретиӯ  курсында оқып «ЭЕМ операторы» гүўалығын алдым.

2000-2002 жыллар Қарақалпақстан Республикасы Халық Билимлендириў Министрлиги «Прогресс» тиллерлер таярлаӯ орайы гүўалығын алдым.

2002 жылы орта мектепти экстернет жолы менен табыслы тамамлап 11-класстың гүўалықнамасын алдым.

2002-2004 жыллар Қарақалпақстан Республикасы Халық Билимлендириўи министрлигине қараслы «Прогресс» билимлендириў ҳәм раўажландырыў орайы жанындағы Бизнес мектебине оқыўға кирип, “Ис жүритиўши инглис тили ҳәм бизнес тийкарлары” деген қәнигелик дипломын алдым.

2004 жылы БМШ ҳәм IATP/IREX шөлкеми ҳамқарлығыда “Өзбекстан мектеплеринде интернет” дәстүриниң №57 санлы Интернет Оқыў Орайының Волонтеры болып иследим. Мен усы орайына барып көп нәрселерди ҳәр қыйлы дәстүрлерди үйрендим. Интернет Оқыў Орайының Администраторы Наталья Бондаренко ҳәм Александр Мирошниченко бул инсанлар маған өз меҳрлерини бериб веб-сайт жаратыўды үйрети.

2005 жылдан бери Өзбекистан «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ағзасы, Қарақалпақстан Республикасы майыплар жәмийетиниң Волонтери болып иследим.

2006 жылы «Келешек ҳаўазы» Республика жаслар танлаўында қатнасыў ушын анкета тапсырдым өмиримде биринши мәрте бундай үлкен танлаўында қатнасыўым еди. Мен «Хабар технологиялары ҳәм коммуникациясы» номинациясы веб-дизайн тайпасы бойынша қатнасып жаңа веб-сайт жараттым. Бул веб-сайт Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың жеке веб-сайтыны жараттым. Қарақалпақстан Республикасы басқышынан III-орынды алып Республика басқышына қатнасыў ушын жолланма алдым.

Мың әттенлер болсын ҳаӯлығы миннутларда жетип келди жеңилпаз болған теңлеслерим арасында маған жай жоқлығыны сездим аӯа, бул таңлаӯ кимлердур жеңилпаз болыӯға несип етеди, кимлергидур несип етпейди. Мен хеш көңлимди шөктирмедим қуда қәлесе келиси жылы жеңилпаз боламан деп өзиме сөз бердим.

«Келешек ҳаўазы-2007» танлаўында қатнасып Қарақалпақстан Республикасы басқышынан II-орынды алып, Республика басқышына жолланма алдым усы жылы мен кушлы тайярлық менен билегиме белбәҳ байлап тыс тырнағым менен гүресемен усы жылы «Келешек ҳаўазы-2007» танлаўының жеңилпазлықты қолға кириткенлер ушын имтиязлы тәризде жоқары оқыў орнына қабыл қылады деген қарарды еситип жүдә қуўандым.

Мениң бул дүньядағы бирден-бир арманым мен де жоқары оқыў орнына кирип өзимниң қәнегилигим бойынша тәлим алсам бул өмирде өзимниң орнымды тапсам ғәрезсиз ана ўатаныма өзимниң азғантай болсада үлесимди қоссам өзимди бахытлы сезер едим.

Мениң менен теңлес жасларды көрсем жүдә ҳәӯесим келеди өзи таңлаған кәсибини ийелеп ғәрезсиз ана диярыға өз үллеслерини косып атыр. Мәмлекеттиң табаны беккем журтың келешиги уллы болады.

«Келешек ҳаўазы-2007» Республика танлаўының «Хабар технологиялары ҳәм коммуникациясы» наминациясы веб-дизайн бөлими Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновтың жеке веб-сайтыны жаратып «Келешек ҳаўазы – 2007» Республика басқышының жеңимпазы болдым.

2007 жылдан баслап «Келешек ҳаўазы» жаслар басламалары орайы IT Club Хабар технологиялары бағдарының белсенди ағзасы.

2008 жылдан баслап Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы «Хабар Технологиялары» факультети 1 «б» Информатика ҳәм хабар технологиялары өзбек топар студенти.

2012 жыл 22 июнь Ташкент хабар технологиялары университети Нөкис филиалы «Хабар Технологиялары» факультетини 4 курсыны табыслы тамамлап Диплом жумысыны қорғадлым.

30 июнь 2014 жыл «Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы» жанындағы Жас дөретиўшилер дөгереги ағзасы.

2013-2018 жыллар Мухаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалының «Оқыў жәрдемши бөлими» лаборанты.

18 январь 2018 жыл O'zLiDeP – Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекистан Либерал-Демократиялық Партиясы Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қалалық Кеңеси ағзасы.

27 январь 2018 жыл Xabar – Өзбекистан Республикасы Информациялық технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги газетасы Xabar.uz информациялық-анализ порталы Қарақалпақстан Республикасы жәмийетши хабаршысы.

Сентярь 2018 жыл «Өзбекистан жаслар аўқамы» Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, Республика жаслар орайы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси «Жас репартёлар» клуби ағзасы.

2018-жыл, 2-октябрь айынан баслап Мухаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалының «Оқыў жәрдемши бөлими» кабинет меңгериўшиси.

2020-жыл, 30-январь “ЮКСАЛИШ” улыўмамиллий ҳәрекет ағзалық сертификати №AN – 252538 Авезов Саламат «Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекети ағзасы есапланады.

2020-жыл, 26-май айынан баслап Мухаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалының «Мийнет қәўипсизлиги ҳәм пуқара қорғаныў» бөлимине Инженери.

Мине ҳәммеси, оқығаныңыз ушын үлкен рахмет. Тез-тез мениң сайтыма кирип турың.

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў


Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top