Саламат Авезов

| |

Қайтар дүнья

Сана: 17.08.2016 13:02  |  Муаллиф: Саламат Авезов  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати  |  Ўқилди: 1265Шарҳ 0

Ярым кешеде сәл кейипли үш дос чайханадан шықты.
— Машинаны мен айдайман, — деди Сардар. — Жол-жолекей сизлерди ҳәм үйиңизге апарып қояман.
Олар үлкен жолдан өтип, терекзар аралап баратырғаныңда, қарсынан бир киши шығып қолды. Оның көзи әззи болып, ҳәссеси менен сийпалап көрип адасқан жолыны табыӯға ҳәрекет етер еди.
— Ярым түнде бул адам не қылып жүрипти, — деди Сардар беписент.
— Кеширерсизлер, жақсылар, — деди көзи әззи киши, — адасып қалдым шамасы.

Жаңа-абат көшеси таман жолға салып жибериңлер, илтимас.

— Тәӯбе, өзиң көр болсаң, және қараңғыда көшеде не бар екен, — деди Сардар ғудраниб. — Мине бул таманға жүресиз, — деди де керисине бурып жиберди.

— Бийкар қылдың, — деди жигитлердиң бири.

— көзи әззи адам болса... Бәлки барар мүтажлық пенен шыққандир...

— Қоябер, — Сардар ашыӯланып бақырды, — екенши бимәҳәлде көшеде жүрмейтуғын болады. Егер бирар бир машинаның астында қалып кетпесе, сорап-сорастырылып таӯып алады көшесини...

Бул ӯақыядан соң бир неше жыл өттип, Сардар перзентли болады. Туӯыӯхана есиги алдында турған анасы деди:

— Аӯа, анажан, ақлықлы болғаңыз бенен қутлықласам боладыма?

Ананың жүзинде қуӯаныштан ҳеш нәрсе жоқ еди:

— Балам, суӯық хабар зайыбың ул туӯды, лекин бала майып туӯылды, еки көзи әззи. Ҳайранман, неге бундай болды, ҳәмиле дәӯири жақсы өткен еди, шаңарағымызда илгери бундай ҳәдийсе болмағандығо.

Сардардиң денеси титиреп, тили айланбай қалды. Абайсыздан көз алдында сол жоллынан адасқан көзи әззи адам гөйделенди.

Өзбек тилинен
Саламат Авезов
аӯдармасы

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Поиск

Услуги

Главная страница сайта

Категории

Протянем друг другу руку помощи и поддержки


Вы знаете своя права?

Справочник

Учреждений и организаций работающих для людей с особыми потребностями в Республики Каракалпакстан

Сотрудничество





Б
л
и
ц
-
И
н
ф
о
р
м
а
ц
и
я

Полное имя и отчество: Авезов Саламат Юлдашевич.
Дата рождения: 1983 год 27 июль.
Место рождения: город Нукус.
Образование: Нукусский Филиал ТУИТ. Факультет Информационные технологии.
Специальность: Информатика и информационные технологии, Веб-дизайнер.
Знак зодиака: Лев.
Год рождения человека: Кабан.
Читайте дальше...

Go to Top