Саламат Авезов

| |

«Ҳаялларға керекли жаңа жыл саӯғасы»

Сана: 1.01.2016  |  Муаллиф: Қайырқомлық илажы  |  Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы  |  Ўқилди: 1348Шарҳ 0

Республикамызда халықтың социаллық қорғаӯға мүтәж қатламларын қоллап-қуӯатлаӯ бағдарында көплеген жумыслар әмелге асырылмақта.Жақында, «2015-жыл – Кекселерди қәдирлеӯ жылы» Мәмлекетлик бағдарламасының 21, 33 бәтине муӯапық, «Мүриӯбет үйлеринде жасаӯшы кекселерге көрсетилетуғын хызмет сапасын ҳәм оның дәрежесин арттырыӯ» жойбарын әмелге асырыӯ мақсетинде, Өзбекистан Республмкасы Олий Мажлиси жанындағы мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларын қоллоап-қуӯатлаӯ жәмийетлик қоры менен Өзбекистандағы «ЭКОСАН» халықаралық қайырқомлық жәмийетлик қоры тәрепинен Хожели районындағы «Мүриӯбет» майыплар ушын ҳаяллар интернат үйинде жаңа жыл алдынан қайырқомлық илажы өткерилди.

Онда «ЭКОСАН» халықаралық қайырқомлық жәмийетлик қоры, район ҳәкимияты, интернат үйиниң басшылары менен онда емленип атырған ҳаял-қызлар, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Онда Өзбекистандағы «ЭКОСАН» халықаралық қайырқомлық жәмийетлик қоры басыармасы баслығының орынбасары К.Жураев, Қарақалпақстан аймақлық шөлкеминиң директоры Н.Мырзамуратов ҳәм басқалар интернат үйинде жасаӯшы ҳаял-қызларды кирип киятырған жаңа жыл менен қутлықлап, Президентимиздиң басламасы менен әмелге асырылып атырған социаллық, қайырқомлық илажлар, елимизде жасап атырған ҳәр бир пуқараның, соның ишинде, жәрдемге мүтәж инсанның мәмлекетимиз дыққат итибарында екениң көрсетип, әзелден ҳалқымыздың қанына сиңген бул дәстүр және де даӯам ете береди деп атап өтти.

Олар тәрепинен интернат үйине Қуяш технологияларына тийкарланған 4 миллион 450 мың сумлық суӯ ысытыӯ коллекторы ҳәм онда жасаӯшы ҳаял-қызларға пайдалы жумыс орынларын шөлкемлестириӯ, мийнет терапиясы арқалы оларды жумыс ислеӯге тартыӯ мақсетинде жәми баҳасы 7.178.400 сум болған 5 дана санаатлық ҳәм турмыслық дәрежедеги тигиӯ машиналары, 2 дана майыплар арбашасы ҳәм басқа да байрам саӯғалары тапсырылды.

— «Мүриӯбет» үйимизде 200 ден аслам ҳаял-қыз бар. Онда тәрбияланып, емленип атырған ҳаял-қызларды жеңил түрдеги мийнет терапиясына тартыӯ мақсетинде  тоқыӯшылық, кестешиилик, гүл өсириӯ, гилем тоқыӯ, сүӯретшилик ҳәм басқа да дөгереклер шөлкемлестирилген. Турақлы түрде олар тәрепинен исленген буйымлардың көргизбелери шөлкемлестирилип келинбекте. Бүгин берилген «Оверлок» сыяқлы заманагөй тигиӯ машиналары ҳәм басқа да саӯғалар оларға үлкен қуӯаныш алып келди, -деди интернат үйиниң директоры М.Халмуратова.

Илаж интернат үйи хызметкерлери ҳәм тәрбияланыӯшылары тәрепинен шөлкемлестирилген байрам концерти менен даӯам етти.

Усындай байрам илажлары елимиз бойлап даӯам етпекте.

«Қарақалпақстан жаслары» газетасы
1-январь 2016-жыл №1-2 (7862)

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top