Саламат Авезов

| |

Қайырқомлық-халқымызға тән пазыйлет

Сана: 17.03.2016  |  Муаллиф: Сәнегүл ТАЖЕТДИНОВА  |  Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы  |  Ўқилди: 1610Шарҳ 0

Халқымыз әзел-әзелден өз-ара меҳир-мируўбет, баўрыкенлик. қайырқомлық, дослық сыяқлы пазыйлетлерге садық болып келген. Жәрдемге мүтәж адамларға көмеклесиўге хәрекет етеди, Мейли, ол жас болсын, кексе болсын халқымыздың итибарынан шетте қалып атырған жоқ.

Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде жасларды билимли, зийрек, ҳәр тәреплеме жетик инсан етип жетилистириў дәўир талабы есәпланады. Буны әмелге асырыўда тийкарынан мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳәм мәкеме, кәрханалар қолынан келгенинше өзлериниң жәрдемлерин көрсетпекте.

Усындай ийгиликли ислерди даўам еттириў мақсетинде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекети басланғыш шөлкеми институтта билим алып атырған ата-аналарынан айрылған, имканияты шекленген жасларға ҳәм кем тәмийинленген студентлерге өз жәрдемлерин бермекте.

Ертеңги күни белгили бир кәсипти ийелеп, Ўатанына хызмет ететуғын, ҳәзирги ўақытта институтта тәлим алып атырған имканияты шекленген 32 студенттиң 2015-2016-оқыў жылы ушын 1848800 сумлык, азық-аўқат өнимлери ҳәм кем төмийинленген 59 студенттиң шәртнама суммасына 9415000 сумлық материаллық жәрдем институттың «Камолот» ЖЖҲ басланғыш шөлкеми төрепинен берилди. Сондай-ақ, пахта териминде белсене қатнасып келген 21 студенттиң шәртнама суммасы ушын 1 млн сумнан пул еткерип берилди.

Соның менен бирге, иституттың Кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен имканияти шекленген 32 студентке азық-аўқат өнимлери, кем тәмийинленген 115 студентке материаллық жәрдем көрсетилди. Және де усындай ийгиликли ислер менен институт «Камолот» ЖЖҲ басланғыш шөлкеми усынысы менен «Мәҳәллә» қайырқомлық коры Қарақалпэқстан Республикасы басқармасы төрепинен ата-аналарынан айрылған, шәртнама тийкарында оқып атырған 6 студентке 8500000 сумнан, 550000 сумнан шәртнама суммасына қайырқомлык, жәрдем берилди.

Өткен жылғы «Кекселерди қәдирлеў жылы» мемлекетлик бағдарламасы шеңберинде урыс қатнасыўшыларына, мийнет нуранийлерине, жәрдемге мүтәж жалғыз баслы кекселерге, майыпларға социаллық жақтан хызмет көрсетилип, олар материаллық ҳәм руўхый жәқтан қоллап-қуўатланбақта. Сол тийкарында мүддетли өскерий хызметти өтеп усыныснама тийкарында институтқа оқыўға қабыл етилгөн жасларымыз б-санлы «Шығыс» мәкан пукаралар жыйынында жасаўшы нуранийлеримиздиң ҳалынан хабар алып, кеўил сорап, сәўбетлесип, үй-әтираппарында абаданластырыў жумысларын алып барды. Сондай-ақ, сол мәканда жасаўшы жердемге мутәж, жалғыз баслы кекселерге, кем тәмийинленген шаңарақ ағзаларына қайырқомлық жәрдем көрсетилип киятыр.

 Демсаўлығына байланыслы ямаса түрли себеплерге бола базы инсанлар кең жәмийетшиликке араласа алмай қалады. Оларға азғана итибар, меҳир көрсетиў, ҳалжағдайынан хабар алыўдай мируўбетли ислер алып барылмақта. Дәртлилерге дәрман, қәстеге шыпа берип, кайырқомлық қолын созыў арқалы ҳәммеге адамгершиликтиң ағла пәзийлетлерин уқтырып киятырған ислердиң мудамы қайырлы болыўына тилеклеспиз.

Бундай қайыр-сақаўат жумыслар, йигиликли ислер еле де даўам ете береди.

Сәнегүл ТАЖЕТДИНОВА
НМПИ диң Шет тиллери факультетиниң
рус тили ҳәм әдебияты қәнигелигиниң
1-курс студенти

«Қарақалпақстан жаслары» газетасы
17-март 2016-жыл №12 (7872)

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top