Саламат Авезов

| |

Имканиятлардан нәтийжели пайдаланайық

Сана: 05.04.2016  |  Муаллиф: Баўыржан Абатов  |  Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы  |  Ўқилди: 489Шарҳ 0

ЯМАСА БАЛАЛАРЫМЫЗДЫҢ БАХЫТЛЫ КЕЛЕШЕГИНЕ МҮМКИНШИЛИКЛЕР КӨП
«Китапханалар – халқымыздың руўхый камалатын асырыў ушын хызмет етип атырған миллий мәдениятымыздың бир бөлеги».
И.КӘРИМОВ

Тәрбия мәселесинде ең үлкен бослық — бул бийпәрўалық болып табылады. Демек, жасларымыздың тәрбиялы болып камал табыўында, әсиресе, сана-сезиминиң жат идеялардан аўлақ болыўында оларға дыққат-итибарды көбирек қаратыў талап етиледи. Бунда тәлим-тәрбия ошағы есапланған билимлендириў мәкемелери менен бирге, шаңарақтың тәсири айрықша екенлигин атап өтиў орынлы. Тәрбия — өзи не, оны қалай әмелге асырамыз, балаларымыздың бахытлы келешеги ушын қандай тәрбия қуралларынан пайдаланыўымыз керек, усы тақылеттеги сораўларымызға жуўап излер екенбиз, бунда тәрбияшылар, оқытыўшылар, әсиресе. ата-аналар кең түсиникке, ийе болыўы тийис.

Яғный. "муғаллим — оқыўшы — ата-ана» бирлиги тәмийинленсе ғана тәрбия өз нәтийжесин береди, бала өзин-өзи ерте тәрбиялаўғә үйренеди. Соның менен бирге, данышпанлардың бизге жазып қалдырған үгит-нәсиятларын балаларымызға жеткизиўимиэ. руўхый ой-өрисин байытып, келешегине исеним оятып, пикирлерин қоллап-қуўатлап барыўымыз керек. Тәлим-гәрбияның әҳмийетин, тәсирин күшейтиўде китапты биринши орынға қойып, балаларымыз бенен жасләрымыздың китапқа болған қызығыўшылығын арттырып ҳәм олардын пикирлеў қәбилетин раўажландырып барыў мақсетке муўапық.

Бүгин заман раўажланып, техникалар жаңарып, көплеген қолайлықларға ийе үскенелер турмысымызға кирип келгени менен китапқа болған талап ҳеш қашан ескирмейди. Ата-аналар перзентлериниң компьютерден, интернеттен, уялы телефоннан ие мақсетте пайдаланып атырғанлығынан хабардар болып, қандай мағлыўматлар менен қызығып, кирип жүргенине итибарлы болып барса екен деймиз. Себеби, интернет тармағынан жасларымыз өзлеринии жасына сай болмаған мағлыўматлар менен танысып, ҳәттеки оларды телефонына ямаса компьютерине жүклеп, әтирапындағыларға да тарқалыўына тәсир жасайды. Биз буның менен жасларымыз заманагөй технологиялардан жырақлассын демекши емеспиз, тек ғана орынлы ҳөм мақсетли пайдалана билсин деген пикирдемиз.
Ал, китаптан болса оның ишки байлығынан басқа мағлыўматларға оралмаймыз. Ҳәр бир китаптың оқыўшыға руўхый күш бериўши тәсири бар екенлигин және бир мәрте ескертип өтпекшимиз.

Бүгинги күнде жаслардың китаплар әлеми менен танысып, өз билимлерин жетилистирип барыўы ушын китапханаларда кең мүмкиншиликлер бар. Атап айткднда, Бердақ атындағы Қаракалпақ мәмлекетлик уииверситети, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм республикалық мәлимлеме китапхана орайы, сондай-ақ, балалар китапханасындағы китаплардан, компьютер ҳәм интернеттен жасларымыз бенен бирге мектеп, лиңей, колледж оқыўшылары бийпул пайдаланыў имканиятына ийе екенлигин умытпаса деймиз.

Соның менен бирге, "Ўзтелеком" АК Қаракалпақстан Республикасы филиалындағы uzonline саўда кеңсеси арқалы ҳәр бир пуқара түрар жериндеги үй телефонына модем арқалы интернет тармағына бийпул жалғаныў ҳәм интернеттен сәпалы пайдаланыў мүмкиншилигине ийе.

Б.АБАТОВ,
ҚМУ, Педагогика ҳәм психология кафедрасының лаборанты.

«Еркин Қарақалпақстан» газетасы
5-апрель 2016-жыл №42 (19816)

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top