Сана: 25.05.2016 | Муаллиф: Баўыржан Абатов | Манба: «Нөкис ҳақықаты» газеасы | Ўқилди: 1418Шарҳ 0
Сайғақлар тәбиятқа жүдә пайдалы көшпели ҳайўан болып, дем алыў системасының өзгешелиги менен басқалардан әдеўир парықланады. Олар өзинен ыссы ҳаўа райында салқын ҳаўа, ал, салқын ҳаўа райында болса ыссы ҳаўа ислеп шығарады. Сонлықтан да сайғақларды «кондиционер» деген лақаб пенен атайды. Ҳәзирги күндс мәмлекетимизде кемейип баратырған ҳәм аўлаў ушын қадаған етилген ҳайўанлардан бири саналады. Олардың белгили дәрежеде кемейиўи Ана-тәбиятқа унамсыз тәсир көрсетеди. Усыларды есапқа алған ҳалда елимизде май айында сайғақлар күни айрықша түрде белгиленип келинбекте.
Жақында усы мүнәсибет пенен пайтахтымыздағы жаңадан қурып питкерилген Қарақалпақ мәмлеткетлик қуўыршақ театрында «Өзбекистан арнаўлы Олнмпиядасы жәмийетлик бирлеспеси» Қарақалпақстан Республикасы бөлими имканияты шекленген балаларына бийпул тамаша қойып берилди.
Театрдың бас режиссёры Муратбай Бегимов ҳәм театр жәмәәти, Экологиялық ҳәрекети Қаракалпақстан аймақлық бөлими баслығы Айсәнем Бегимовалардың шөлкемлестириўинде алып барылған саўаплы ҳәм ибратлы ислер балаларды бир әлем қуўанышқа бөледи. Заманагөй имараттағы театрда қызықлы спектакль тамаша етиў заўқы, кем кеўил балалардың кеўилин көтерип, өмирге, келешекке болғаи сүйиспеншнлигин арттырды. Усының менен биргеликте олар сайғақлар ҳаққында кең түрде мағлыўматларға да ийе болды.
Баўыржан Абатов,
«Өзбекистан арнаўлы Олимпиядасы жәмийетлик бирлеспеси»
Қарақалпақстан Республикалық бөлими волонтёры.
«Нөкис ҳақықаты» газеасы 25-май 2016-жыл №16 (1097)
Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...