Саламат Авезов

| |

Аққуўды атпас болар...

Сана: 27.07.2016  |  Муаллиф: Ө. Өтеўлиев  |  Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы  |  Ўқилди: 948Шарҳ 0

Базарда шөп-шарлардан дәри-дәрмақ соғып сататуғын майып  ғарры ўақтында атақлы мерген атын көтерипти. Керек затыңды оңашада қулағына сыбырласаң «Сарыүйек»тей уўлы жылан, кирпитикен, қасқырдың тиси, қоянның сүтин ҳәм «пуллап бер деген биреўлерден аманат еди, ем болсын» деп өтирикти қас қақпай сулқыйтады. Аўзына келген баҳасын айтса, жаны қыйналған мүтәжлер қуўана-қуўана алып кетиўге мәжбүр.

«Күйикке аққуўдың майы керек, жақса тыртық қалмай питер екен» деп алдыңда мүләйимсиген заманласлары менен дәртлесип отырғандағы сөзлерине қулақ түрдим.

— Дәрья бойында туўылғаным менен теңиз жағалап өстим. Жыс тоғайларындағы қоян-қырғаўылларды таяқ пенен урлап алған  заманлардың ушлығын көрдик. Бурыннан соңға ашық айдынларда жубын жазбай, мо­йынларын үйкелесе жүзетуғын қуслардың патшасы, қарамық көзли аққуўларды кимлер қырып-жоймаған. Кийиктиң шақы, түлкиниң териси өзине жаў болғанындай, аққуўдың ма­йына қосыла төс пәри бир жыллары узатылатуғын қызлар сәўкелесине жарасыққа тақса, бай адамлар сән-салтанатлары ушын обал-саўабына қарамапты.

Набада, билип-билмей я «ем»ге атыўшыларға «кәраматын» көрсетип, көз-көреки майырыл­ғанлардың талайын көрдим. Солардың қатарында әкемиз де бир мүшесинен айырылып, «көзли» болды. Өле-өлгенше «Тилиңди тислеп қалсаң да аққуў атпа...» деп басына тийгеннен соң зинҳарлап кетти...

Алдырар күни жаздырып, азаннан қара кешке бир оқ шығармағаныма қатты ашыўлы едим. Дүт қамыслықтың арасынан қус қайығыма таяў басып киятырсам алақандай ашықлықта қанатларын жайып отырған қус аспанға ушажақ болды. «Қол мерген»лигиме барып, мылтығымды гөземестен бағдарына тартып жибердим. Қанатларын жая қулап, суўдың бети  қып-қызыл қанға боялды. Не атқанымды өзим де билмеймен. Таяў басайын десем қолларым уйып, қайығымның ишине ес-түссиз жығылыппан. Қасымдағы жолдасларым көлди қус тинткендей тинтисип, ертеңине таўып алды. ^йге сүйемеллеп әкелсе «Аққуў атқаннан аман ба?» деп әкемиз басын услап, ўақ-ўағын жеткерди. Аўылдағы Атамурат тәўипке апарғанда ўәлийлиги тутып, «Сен баланың бир қол, бир аяқтан айырылып келериңди бир ҳәпте бурын билдим. Ҳазарына шыдасаң мың жаса...» деп буғаўға салды.

Ҳәзир аққуўдың майы түўе өзи де жекке-сийрек қалды. Суў жоқ жерге өткинши қуслар — ҳәм қонбай кетеди. Төс пәри, майы демесең, гөши жеўге жарамсыз аққуўлар болса арзымаған пул ушын атыўшылар табылады.

Жарым-жан ҳалына қудайдан қорқпай, «аққуўдың майын сорағанларға, жылқының майы ма, балықтың майы ма, ийттиң майы ма, қолыма не түссе аққуўдың атын айтсам өтеди»,-деген, елеберин инсап, тәўбеге келмеген тәўипке ҳүрейлене қарадым...

Ө.Өтеўлиев

Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы Рәсмий веб-сайт

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top