Саламат Авезов

| |

ӨНЕРЛИ ЖАСЛАР КЕЛЕШЕГИМИЗ

Сана: 02.03.2017  |  Муаллиф: Муслима МӘМБЬТНИЯЗОВА  |  Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы  |  Ўқилди: 2853Шарҳ 0

Өнер зер, өнерли зергер. Ҳақыйқатында да өнер инсанды зергер етеди, керек болса көклерге көтереди. Солай екен бүгин жас әўладты илим-билимге, өнер ийелеўге бағдар берип барыў баслы ўазыйпалардан саналады. Мине, усы бағдарда бир қанша унамлы жумыслар әмелге асырылмакта. Пайтахтымыздағы Нөкис социал экономикалық колледжинде Өзбекистан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Нөкис қалалық кеңеси ҳәм колледж жәмәәти тәрепинен «Өнерли жаслар келешегимиз» атамасында илаж болып өтти.

Кешеде партия белсендилери, колледж жәмәәти хәм оқыўшылары қатнасты. Дәслеп кеше мийманлары колледждиң өнерли жаслары тәрепинен таярланған көргизбени тамашалады. Кешени колледж директоры Жеңис Өтежанов ашып берди ҳәм алып барды. Кеше даўамында сөз алғанлар бүгинги күн жаслары ҳаққында айтып, олардың қызығыўшылықларына айрықша токтады. Олардың кәбилетин еле де жетилистириў мәселелери ҳаққында да айтып, бир қанша усыныслар берди.

Илаж шеңберинде кешеге айрықша мийман ретинде шақырылған «Өзбекистан арнаўлы олимпиада» жәмийетлик бирлеспеси Қаракалпақстан Республикасы бөлиминде тәрбияланып атырған айрықша итибарға мүтәж балаларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған саўғалар тапсырылды.

Кеше соңында жыйналғанларға концерт бағдарламасы қойып берилди.

Муслима МӘМБЬТНИЯЗОВА,
ҚМУ студенти, ӨзМТДП Нөкис қалалық кеңеси
«Жаслар қанаты» жетекшиси.

Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы
2-март, 2017-жыл №10 (7922)

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top