Саламат Авезов

| |

«ЭКОЛОГИЯ ҲӘПТЕЛИГИ» шеңбериндеги илажлар

Сана: 07.06.2017  |  Муаллиф: Д.АБИБУЛЛАЕВ  |  Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы  |  Ўқилди: 1035Шарҳ 0

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 21-апрельдеги «2017-2021-жылларда турмыслық шығынлар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, 5-июнь-Дүнья­жүзилик қоршаған орталықты қорғаў күни мүнәсибети менен республикамызда «Экология ҳәптелиги» илажы өткерилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, «Экосан» экология ҳәм саламатлық халықаралық қайырқомлық жәмийетлик фондының Қарақалпақстан аймақлық шөлкеми, басқа­­ да мәпдар шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилген ҳәптелик шеңберинде экология, қоршаған орталықты, ҳайўанатлар ҳәм өсимликлер дүньясын қорғаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, халқымыз, әсиресе жаслар арасында экологиялық тәрбия, үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық жумысларын еле де жетилистириў бағдарында бир қатар илажлар, спорт жарыслары, таңлаўлар шөлкемлестирилмекте.

Атап айтқанда, пайтахтымыздағы «Туран» стадионында халықаралық балаларды қорғаў күнине бағышланған «Балалар футболы күни» фестивалы болып өтти. «Футболға дәслепки қәдем» темасында өткерилген илажда жетекши футболшылар ҳәм тренер тәрепинен киши жастағы мектеп оқыўшылары ушын ашық сабақлар, жас футболшы­ларға мастер класс өткерилип, олардың арасынан ең қәбилетлилери дөгереклерге қабыл етилди. Фестиваль қатнасыўшыларына шөлкемлестириўшилер тәрепинен сертификатлар ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Пайтахтымыздағы «Истиқлол» балалар дем алыў орайында «Экология ҳәм мен» темасында өткерилген конференцияда   балалар арасында «Экология ҳәм мен», «Экология балалар нәзеринде» темаларында шығарма жазыў ҳәм сүўрет салыў бойынша таңлаў өткерилип, жеңимпазлар сыйлықланды.

Ҳәптелик шеңберинде халықаралық балаларды қорғаў күнине бағышланып сүўрет салыў бойынша «Рәң-бәрең бояўлар дүньясында» темасында таңлаў болып өтти. Қарақалпақстан Республикасы Майыплар жәмийети тәрепинен шөлкемлестирилген илаж қатнасыўшыларына қәўендерлер тәрепинен саўғалар тапсырылды.

Республикамызда 3-июнь күни Экологиялық шембилик өткерилди. «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы», сондай-ақ, Дүньяжүзилик қоршаған орталықты қорғаў күнине бағышланып өткерилген илаж даўамында республикамыздың барлық қала ҳәм районларында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары алып барылды.

6-июнь күни пайтахтымыздағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде «Өзбекистан Арнаўлы Олимпиадасы» спорт жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен  имканияты шекленген балалар арасында «Экология ҳәм саламатлық» темасында спорт жарыслары өткериледи. Жеңил атлетика ҳәм шашка бойынша өткерилетуғын жарыс жеңимпазларына «Экосан» экология ҳәм саламатлық халықаралық қайырқомлық жәмийетлик фондының Қарақалпақстан аймақлық шөлкеми, Кореяның халық­аралық бирге ислесиў K98CA  шөлкеми тәрепинен саўғалар тапсырылады.

Жуўмақлап айтқанда, өткерилип атырған экологиялық ҳәптелик елимизде экологиялық ҳәм сани­тария­лық орталықты буннан былай да жақсылаў, халықтың саламатлығын беккемлеў, олардың экологиялық билимин жетилистириў, қала ҳәм аўылларымыздың буннан да абат болыўына хызмет етеди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы Рәсмий веб-сайты

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top