Саламат Авезов

| |

Ғамқорлық ҳәм итибардың көриниси

Сана: 08.06.2017  |  Муаллиф: Ә.ОРАЗОВ  |  Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы  |  Ўқилди: 1485Шарҳ 0

Мәмлекетимиз басшысы Ш.Мирзиёевтың басламасы менен физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары менен ислесиўдиң түри ҳәм сапа жағынан жаңа системаны енгизиў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң виртуал қабыллаўханасы, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм басқа да ўәлаятлардың орайлары, Ташкент қаласы, район ҳәм қалаларда Халық қабыллаўханалары шөлкемлестирилди.

Бул барлық дәрежедеги мәмлекетлик уйымлардың жумысында «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар хал­қымыз­ға хызмет етиўи керек» деген принципти әмелге асырыўда, халық пенен тиккелей пикирлесиўди жолға қойыў ҳәм олардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеўде айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Бүгинги күни пуқаралар бул қабыллаўхана­ларға  өзлерин қыйнап атырған мәселелер бойынша мүрәжат етпекте. Орынларда өткерилип атырған көшпели қабыллаўлар пуқаралар менен исбилерменлерге өзлеринде ушырасып атыр­ған машқалалар бойынша ти­йисли тараўға жуўапкер болған басшыларға мүрәжат етиў, олар­ға қысқа мүддетте шешим табыў ҳәм жәмийетимизде социаллық әдиллик принциплерин беккемлеўде тийкарғы фактор болмақта.

Тахтакөпир районында өткерилген усындай көшпели қабыллаўға усы аймақ турғынларынан тысқары Кегейли, Шымбай ҳәм Қараөзек районларының пуқаралары, район ҳәкимлери, республикамыздағы барлық минис­трлик ҳәм ведомстволардың басшылары қатнасты. Онда Президент аппаратының пуқаралар ҳуқықларын қорғаў, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары менен ислеўди қадағалаў ҳәм муўапықластырыў хызмети баслығы, Өзбекистан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик кеңесгөйи Т.Худайбергенов пуқаралар менен ушырасып, олар тәрепинен Президентимиздиң виртуал қабыллаўханасына жиберилген мүрәжатларды тийисли шөлкем басшылары қатнасында ҳәр тәреплеме үйренип шықты.

— «Қуўанышжарма» ирригация тармақлары басқармасында 2004-2009-жыллары жумыс ислеп, усы дәўир ишинде намәлим себеплерге байланыслы иркилип қалған ис ҳақыларымды ала алмай жүрген едим,-дейди «Есимөзек» аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Жәнибек Хожаметов. — Мине, бүгин мениң усы мүрәжатым толық қанаатландырылды. Буның ушын  Президентимизге шексиз миннетдарман.

— Бул ушырасыўға Кегейли районы «Еркиндәрья» аўыл пуқаралар жыйыны «Сары оймаўыт» аўылынан келген едим,-дейди еки перзенттиң анасы Палсәнем Сайыпова. — Турмыс­қа шыққаныма тоғыз жылдан асса да, жумыссызлық себепли турақлы жасаў орнына, дәрамат табыў мүмкиншилигине ийе емеспиз. Сонлықтан, материаллық жәрдем сорап дәслеп аўыл пуқаралар жыйынына, соңынан район ҳәкимлигине мүрәжат еттим. Бирақ, олардан сизлердиң тапқан табысыңыз белгиленген өлшемнен асып кетеди, деген жуўапты ала бердик. Сол себепли, мен Өзбекистан Республикасы Президентиниң виртуал қабыллаўханасына мүрәжат етиўге мәжбүр болдым. Мине, бүгин бул мәселе бойынша ти­йисли басшылар менен ушырас­тым ҳәм мениң бул мүрәжатым инабатқа алынып, шаңарағыма материаллық жәрдем берилетуғын болды. Буның ушын елимиз басшыларына көп-көп рахметлер айтаман.

Сондай-ақ, илажда республика Ҳаял-қызлар комитети ҳәм тийисли министрлик басшылары тәрепинен екинши топар майыплары, қараөзекли М.Төремуратова, шымбайлы Г.Фазылбекова, тахтакөпирли М.Бердамбетоваларға заманагөй тигиў машиналары тапсырылып, олар менен «Халқабад пахта тазалаў кәрханасы» арасында пахта жы­йын-терими мәўсимине 5 мың фартук тигип бериў бойынша ҳәр бириниң баҳасы 10 миллион сум болған үш мийнет шәртнамасы дүзилди.

Әлбетте, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен усындай өзгелер жәрдемине мүтәж инсанлар ушын көрсетилип атырған бундай ғамқорлықлар елимизде ҳәр бир адам меҳир-мүриўбеттен шетте қалмаслығының айқын дәлили болды, десек асыра айтқан болмаймыз.

Көшпели қабыллаў хызмети ағзалары  соңынан «Тахтакөпир» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жаңадан иске түсирилген халыққа турмыслық хызмет көрсетиў орнында болып, ол жердеги имканиятлар ҳәм ислеўшилер ушын жаратылған қолайлы шараятлар менен жақыннан танысты.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Минис­трлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариевлар қатнасты.

Ә.ОРАЗОВ,
«Еркин Қарақалпақстан» газетасы арнаўлы хабаршымыз.

Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы Рәсмий веб-сайты

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top