Саламат Авезов

| |

Машқалалар орынларда үйренилип, шешими қадағалаўға алынды

Сана: 08.06.2017  |  Муаллиф: Д.АБИБУЛЛАЕВ  |  Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы  |  Ўқилди: 972Шарҳ 0

Халқымыздың дәрт ҳәм тәшиўишлерин  үйрениў, олардың күнделикли турмысында ушырасып атырған маш­қалаларын шешиў мақсетинде орынларда көшпели қабыллаўханалар шөл­кемлестирилмекте.

6-июнь күни республикамыздың ең арқа аймағында жайласқан Мойнақ районында шөлкемлестирилген гезектеги көшпели қабыллаўға минис­трликлер менен ведомстволардың, кәрхана, шөлкем, мәкемелердиң басшылары, ҳуқық қорғаў уйымларының, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Өзбекистан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының баслығы Ҳ.Халимов шығып сөйлеп,  елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға, пуқаралардың аўырын жеңиллетиў, олардың бүгинги турмыстан разы болып жасаўын тәмийинлеў, келешекке болған исенимин арттырыўда шөлкемлестирилип атырған бундай көшпели қабыллаўханалардың әҳмийетине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтың тиккелей басшылығында республиканы, соның ишинде Мойнақ ра­йонын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў,  халықтың турмыс шараятларын жақсылаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Журтбасшымыздың 2017-жыл 28-февраль күни «2017-2018-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районын экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде 72 жойбарды әмелге асырыў нәзерде тутылған болса, соннан бүгинги күнге 21 жойбар иске түсирилди. Нәтийжеде 200 ден аслам жаңа жумыс орны жаратылды. Улыўма узынлығы 101 километр болған Қоңырат-Мойнақ суў тармағының қурылысы тезлетилген пәтте алып барылмақта.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң райондағы Халық қабыллаўханасына быйылғы жылдың өткен айлары даўамында физикалық ҳәм юридикалық шахслардан жәми 324 мүрәжат келип түскен. Олар таллап көрилгенде тийкарынан жумыс пенен тәмийинлеў, коммуналлық хызмет, денсаўлықты сақлаў, пенсия ҳәм напақа тәмийнаты, кредит алыў, материаллық жәрдем ҳәм бас­қа да мәселелер болып табылады. Келип түскен мүрәжатлардан 118 и қанаатландырылған, 181 мүрәжат бойынша түсиник берилди, 25 и көрип шығылмақта. Көшпели қабыллаўхана барысында мәлим бол­ғанындай, ра­йон турғынларын қыйнап жүрген машқалалар еле де болса баршылық.

Усындай илаж Қанлыкөл районындағы «Бескөпир» аўыл пуқаралар жыйынларында да болып өтти. Бул жерде шөлкемлестирилген көшпели қабыллаўханада сондай-ақ, Қоңырат ҳәм Шоманай районларының пуқаралары қабыл етилди. Тараў қәнигелери усы жердиң өзинде пуқаралардың мүрәжатларын үйренип шықты. Яғный, халқымызға өз пикирлерин, машқалаларын ашық-айдын билдириў имканияты жаратылды.

Соны айрықша атап өтиўимиз керек, майыплардың турмыс шарая­тын жақсылаў, оларды жумыс пенен тәмийинлеў бо­йынша баслан­ған тәжирийбе өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте. Мәселен, үйде жумыссыз отырған майып ҳаял-қызлар қәўендерлер тәрепинен тигиў машиналары менен тәмийинленип, орынлардағы пахта тазалаў заводлары менен шәртнама тийкарында жумыс алып барады. Оларға мийнет дәптершелери ашылып, салықтан жеңиллик бериледи. Нәтийжеде, алынған дәрамат есабынан үлги жойбар тийкарында қурылып атырған арзанластырылған турақ жайдың басланғыш төлемин төлеў имкания­ты жаратылып, келешекте имаратлы болады. Илаж шеңберинде екинши топар ма­йыплары, Шоманай районынан Серегүл Жаббарбергенова, Қанлыкөл районынан Арухан Жи­йенбаева, Мойнақ районынан  Дилбар Бекмуратова тигиў машиналары менен тәмийинленетуғын болды ҳәм «Хожели пахта заводы» акционерлик жәмийети менен жумысты үйге алып ислеў усылында шәртнама дүзилип, бәнтлиги тәмийинленеди.

— Аўыллық жерлерде үлги жойбар тийкарында қурылып атырған турақ жай алыў ушын өткен жылы шәртнама дүзип, басланғыш төлемин ҳәм ҳәр айдағы процентин төлеп киятырман,-дейди Қанлыкөл ра­йонынан Маржан Айтмуратова. — Деген менен усы жылдың май айын­да тапсырылыўы керек бол­ған турақ жайды қурылыс мәкемелери елеге шекем созып киятыр. Тийисли орынларға хабарластым, бирақ нәтийже болмады. Бүгин көшпели қабыллаўханаға келип, бул машқаламды айт­тым. Мениң мүрәжатым унамлы шешилип, турақ жайымның гилти 1-июльден кешиктирилмей тапсырылатуғынын айтты. Буннан жүдә қуўанышлыман.

— Неврологиялық кеселликке шалынған өмирлик жолдасым, екинши топар майыбы Өмирбек Хожабековты Ташкент қаласындағы, республикамыздағы емлеў орынларына даўалатсам да еле унамлы нәтийже болмай  атыр,-дейди Қоңырат ра­йонынан келген Нуржамал Исаева. — Бүгин қабыллаўда Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң басшылары мениң мүрәжатымды ҳәр тәреплеме үйренип шығып, мәсләҳәтлерин берди. Ра­йонлық медицина бирлеспесиниң шыпакерлерине күнделикли бақлаўға алыў тапсырылды, жақын күнлерде Ташкент қаласындағы жетекши неврологиялық орайда шет еллик шыпакерлерге көрсетип, тийисли жәрдем беретуғынлығын билдирди. Буның ушын миннетдаршылық билдиремен.

Бул жерге қандай да бир маш­қала, дәрт ҳәм тәшўиш пенен келген пуқаралардың мәселелери шешимин таўып, жүзлеринде қуўаныш, кеўиллери көтериңки кейпиятта қайтып атыр­ғанлығы, өткерилген илаждың унамлы нәтийже бергенлигинен дәрек береди. Орынларда көшпели қабыллаўханалардың шөл­кемлестирилиўи Ҳүрметли Президентимиздиң «Халық мәмлекетлик ведомстволарға емес, мәмлекетлик ведомстволар халқымызға хызмет етиўи керек» деген пикириниң ҳақый­қый турмыслық көриниси болды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агент­лигиниң хабаршысы.

Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы Рәсмий веб-сайты

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top