Саламат Авезов

| |

Алғысымыз шексиз

Сана: 14.06.2017  |  Муаллиф: Марқабай ЖИЕМУРАТОВ  |  Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы  |  Ўқилди: 1757Шарҳ 0

Президентимиз Шавкат Мир­зиёев мәмлекетимиздиң ең шетте жайласқан ра­йонларына барып, медицина тараўына айрықша дыққат аўдарып атырғаны ҳәммени қуўандырады. Мәселен, жақында ол Әндижанда болғанында сол жердеги медицина тараўының басшыларына «Гейпара қыйын опера­цияларды Ташкентке жибермей-ақ, өзлериңизде ислеўге болмай ма!» деп олардың алдына жүдә жуўапкерли ўазыйпаларды қойды.

Қудайға шүкир, бизиң республикамыздың өзинде де жүдә алысқа кетпей-ақ, денсаўлығымызды тиклейтуғын бирқанша санаторийлер баршылық. Мәселен, Тақыятас қария­лар ҳәм майыплар, урыс ҳәм мийнет ветеранлары санаторийин айрықша атап өтсек орынлы болады. Бизлер усы жерде емленип ҳәм дем алып атыр­ған бир топар мийнет ветеранлары бул жәмәәттиң келешектеги саўап ислеринде үлкен табыслар тилей отырып, ҳадал хызмет етип атыр­ған бирқанша медицина хызметкерлерин тилге алып өтпекшимиз. Себеби, олардың жан-тәни менен күн даўамында зыр жуўырып ислеп атырған хызметлери бизлердиң ҳәр биримиздиң кеўиллеримизди толып-тастырды.

«Күшли денсаўлық — кеўил шадлығында» дейди олар бизлерге өзлериниң шыпалы сөзлери арқалы. Атап айтқанда, шыпакерлерден — Дәметкен Базарбаева, Гүлнара Худайбергенова, физиотерапия бөлиминен — А.Қазақбаева, Рано Сапарбаева, Сановар Бекмуратова, Айдын Әўезниязова, Замира Қошқарова ҳәм Мийригүл Қурбаниязовалар өзлериниң алдына үлкен үмит пенен келген наўқасларды бар ықласы менен емлегенликтен, көпшилиги аўырыўынан айығып кетип атырғанын өз көзимиз бенен көрип-билип отырмыз. Бул жерде дем алып атырған, жасы 80 нен асқан шымбайлы Сайлаўбай ҳәм жасы 88 жастағы Дәўлетияр аталар оларға ҳәр күни азанда жақсы тилеклерин билдирип, дуўа оқыйды. Сондай-ақ, усындай нураныйлардан бағатлы (Хорезм ўәлаяты) Ражаб Қуранбаев, Машарип Жумабаев ҳәм Сапаргүл менен Умидалардың олар­ға айтар алғысы шексиз.

Оларға қолларыңыз дәрт көрмесин, кәсибиңизден камал табың дегимиз келеди.

Бир топар емлениўшилер атынан.

Марқабай ЖИЕМУРАТОВ,
Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан Композиторлар аўқамы ағ­засы.

Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы Рәсмий веб-сайты

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top