Саламат Авезов

| |

Мүрәжатлар унамлы шешимин таўып атыр

Сана: 20.06.2017  |  Муаллиф: А.ОРАЗБАЕВ  |  Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы  |  Ўқилди: 1746Шарҳ 0

Әдетте, пуқаралар қандай да бир әдилсизликке ушыраса, машқаласы унамлы шешилиўине көзи жететуғын кеңсениң есигин қағыўға үйренген. Өзбекистан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасы Төрткүл ра­йонлық Халық қабыллаўханасы усы жылдың 27-март күнинен баслап хызмет көрсетип баслады. Жумыс баслағалы берли, яғный, 9-июнь сәнесине шекем жәми 688 мүрәжат дизимге алынды. Усылардың 428 и жазба түрде болса, ал, 260 мүрәжат аўызеки.

Пуқараларымыздың үмит пенен жоллаған мүрәжатларын үйренип шығыўға дыққат-итибар күшейди. Ҳәр бир мүрәжат артында пуқараларымызды қыйнап жүрген машқалалар бар болып, олардың унамлы шешим табыўына жуўапкермиз.

Бизге келип түскен мүрәжатлардың 365 и ра­йон аймағындағы кәрхана, бирлеспе, шөлкемлерге жиберилди. Сондай-ақ, 260 мүрәжат шешилиўи ушын, илаж көриў мақсетинде ра­йонлық Халық қабыллаўханасында қалдырылды. Ҳәзирги күнде 227 мүрәжат үйренип шығылмақта. Улыўма мүрәжатлардың 85и қанаатландырылды.

Үйрениўлер барысында мүрәжатлар тийкарынан медицина тараўы, жумыс пенен тәмийинлеў, банктен кредит алыў, шаңарағына материаллық жәрдем бериў сыяқлы мәселелер екенлиги анықланды. Айырым жумыс орынларында жуўапкер басшылардың нызамды билмесликлери нәтийжесинде түсинбеўшиликлер келип шығыўы ашынарлы ҳалат. Атап айтқанда, районымыздағы «Мысгерлер» көшеси 34-жайда жасаўшы пуқара М.Матчанова ҳәм бир топар пуқаралардың «Төрткүл Омад текстил» кәрханасынан 2017-жыл март-май айлары ушын 2 айлық кәсипке үйретиў ҳәм қайта таярлаўға тартыў стипендиясын төлемей атырғанлығы ҳаққындағы мүрәжаты үйренилди ҳәм стипендиялары нақ пуллай толық өндирип берилди. Буннан тысқары, «Аққамыс» АПЖ турғыны Т.Дурдиевтың жумыс сораған арзасына бола, қәнигелиги бойынша 7-санлы мектепке усы жыл 1-май күнинен баслап жумысқа орналастырылды. «Келтеминар» АПЖда жасаўшы М.Мамедовтың таўық бағыў ушын кредит алыўға сораған арзасы бойынша «Агробанк» районлық филиалынан 5 миллион сум ажыратып берилди. Ал, «Шорахан» АПЖ турғыны И.Худайбергенованың фермер хожалығынан 0,15 сотых мөлдек жерин қайтарып бериў бойынша жәрдем сораған арзасы ра­йонлық комиссия тәрепинен үйренилип шығылды, нәтийжеде оған 0,20 сотых мөлдек жер ажыратылды. «Машъал» АПЖ да жасаўшы Т.Авезов ҳәм бир топар пуқаралардың жасаў орнында электр энергиясы күшиниң пәслиги себепли трансформатор орналастырыўға жәрдем сораған мүрәжаты унамлы шешимин тапты. «Жамбасқала» аўылында жасаўшы Г.Аннамуратова өзиниң 2006-жылы туўыл­ған қызы Шоҳиста Қурбанбаеваның майыплық арбашасына зәрүр екенлиги ҳаққындағы аўызеки мүрәжаты үйренилди ҳәм жәрдем берилди. Сондай-ақ, район ҳәкимлиги, прокуратурасы, ишки ислер бөлими, салық инспекциясы ҳәм тийисли шөлкем басшылары менен биргеликте 65 мәрте пуқараларды қабыллаў илажлары өткерилип, сол илаж ўақтында пуқаралардың мүрәжатларындағы машқалалар шешим табыўына итибар қаратылды. Соның менен бирге, районлық Халық қабыллаўханасы тәрепинен 2 мәрте көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди, 6 мүрәжат қанаатландырылды ҳәм 10 мүрәжатқа ти­йисли тәртипте түсиндириў жумыслары алып барылды.

А.ОРАЗБАЕВ,
Өзбекистан Республикасы Президентиниң
Қарақалпақстан Республикасы Төрткүл районындағы
Халық қабыллаўханасы баслығы.

Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы Рәсмий веб-сайты

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top