Саламат Авезов

| |

Жәмлескенлик пенен қатнасты

Сана: 22.08.2017  |  Муаллиф: Д.АБИБУЛЛАЕВ  |  Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы  |  Ўқилди: 1997Шарҳ 0

Ғәрезсизлик халқымыздың әсирлик арзыў-нийетлери әмелге асқан уллы тарийхый сәне ең уллы, ең әзиз байрам сыпатында турақлы түрде белгиленип келинбекте. Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы жыл 27-июнь күнги «Өзбекистан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма алты жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарын орынлаў мақсетинде барлық қала ҳәм районларда, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында, мийнет жәмәәтлери менен оқыў орынларында «Пидайың болғаймыз сениң, Өзбекистан!» сүрени астында таярлық жумыслары алып барылмақта. Байрам мүнәсибети менен  усы жыл 19-20-август күнлери болып өткен улыўмахалықлық  шембиликке халқымыз белсене қатнасып, кең көлемдегиабаданластырыў және қайырқомлық жумыслары алып барды.

«Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы бөлиминен алынған мағлыўматқа қарағанда, республикамыз бойынша шембиликке жәми 1 миллион 379 мыңнан аслам адам, соның ишинде,  710 мың 657 жас жәмлескенлик пенен қатнасты. Еки күн даўамында  2241 гектар майдан тазаланып, 2457 тонна қурылыс және турмыслық шығындылар алып тасланды. Соның менен бирге, 1472 километр аралықтағы жап-салмалар тазаланды.   Республикамыз бойынша 281 қойымшылық пенен 42 зыярат етиў орынларында абаданластырыў жумыслары алып барылды.  Қатнасыўшылар тәрепинен 865 мың 566  түп мийўели ҳәм саяманлы терек ҳәкленди. Бул жумысларға 848 дана техника қатнастырылды.

Шембилик даўамында бир қатар қайырқомлық илажлары да әмелге асырылды. Атап айтқанда,  698 кем тәми­йинленген шаңарақтың турақ жайы менен үй әтирапы тәртипке келтирилди. Буннан тысқары, 1676 жәрдемге мүтәж шаңарақтың,  501 майып және кекселердиң ҳал-жағдайынан хабар алынып, қайырқомлық жәрдеми көрсетилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

Манба:  «Еркин Қарақалпақстан» газетасы Рәсмий веб-сайты

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top