Саламат Авезов

| |

Ашық кеўилли меҳри булақ мийрибекелер

Сана: 06.11.2017  |  Муаллиф: Саламат Авезов  |  Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы  |  Ўқилди: 1946Шарҳ 0

Ғәрезсиз мәмлекетимиз инсан саламатлығын қорғаўға ҳәм кекселерге, пенсионерлерге, майыплар менен имканияты шекленген балаларға медициналық-социаллық жақтан жәрдем көрсетилип айырықша итибар қаратылмақта.

Имканияты шекленген, балалығыннан майып инсанларды ҳәм кеўли яйрым майып балалардың саламатлығын қорғаў, мәнаўий қоллап-қуўатлаў, өмирге болған үмит ҳәм исеним оятып, ҳәр тәреплеме ашық кеўиллери ҳәм жыллы сөзлери менен меҳир булағынан өзгелерге үлесип атырған медицина ҳәм саўалландырыў мәкемелерин бири – Қарақалпақстан Республикасы Майыпларды реабилитация етиў ҳәм протезлеў Орайы.

Орайда емлениўши наўқаслардың физикалық  жақтан шынығыў ушын Медицина-социаллық-кәсиплик реабилитация бөлими, электрофизиологиялық диагностика, клиниклық лаборатория, физиотерапия ҳәм даўалаў-дене тәрбия бөлимлеринде өзлериниң бар билимлерин, тәжирийберлерин инсан саламатлығың сақлаўдай йигиликли иске сарыплайтуғын бул тараў ўәкиллери ашық кеўилли меҳри булақ шыпакер ҳәм мийирибекелери ҳәмийше ел ардағында болмақта.

Сырлас ҳәм ашық кеўилли шыпакерлер мен сыяқлы майып инсанларды да саламат адамлар қатарларына қосып «Сиз саппа саўсыз» деген сөзлери менен қәлбиңди қуўанышқа толтырып, өмирге деген көзқарасыңды күшейтер екен.

Ҳақыйқатында да бир аўыз шийрин сөз түскинликке түскен ҳәр қандай инсанның кеўиллерин көтереди, оған хош кейип инам етип, наўқасты емлейди.

Шыпабағыш шийрин сөз медицина хызметкерлериниң ҳәм наўқаслар ортасындағы мүнәсибетлериниң түп мағанасы болып, бул ҳаққында деонтология пәнинде толық айтылған.

Ҳәмме наўқаслар да меҳирге, итибарға мүтәж болады. Шыпакер ҳәм мийрибекелердиң ашық жүзлилиги дәри-дәрмақтан көре, қабыллаўына келген наўқасларға «Алла шыпасын берсин, жақсы болып кетиң», деген жүригинен шыққан ҳәр бир гәплеринен күш алады.

Әсиресе, Орайдың «Физиотерапия ҳәм даўалаў денетәрбия» бөлиминиң мийрибекелери наўқас инсанларғп массажлар ислеп ҳәм электрофаррез тоқларды қойып қәстеге мәлҳам болыўға урынады. Сондай мийирибекелерден  Маржан Курганова ҳәм Зийнеш Дәўлетниязоваларды атап өтсем  болады. Бул ашық жүзли мийирибекелер мени шын кеўиллиги менен ғайратқа салады. Себеби, балалығымнан майып болғаным себебли, жүдә көп ем алдым қәстели денеме үмит шыпасын тилеп исенимим, жақсы үмитлерим менен умтылып жасап келмектемен. Негизинде мениң тилим аўыр, инсанлар менен сәўбетке тез кирисип кетиў, сөзлеримди түсиндириў қыйынырақ. Сол ушын да шыпакерлерге алғыс айтаман. Олардың адамгершилик ҳәм инсаныйлық пазыйлетлери ел ардағынан түспейди, ҳәрдайым ҳүрмет-иззетте болады.

Саламат АВЕЗОВ,
Балалығынан 2-топар майыбы,
Нөкис қаласы.

«Қарақалпақстан жаслары» газетасы
7-декабрь, 2017-жыл. №49 (7961) Пийшенби

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top