Саламат Авезов

| |

ИМКАНИЯТЫ ШЕКЛЕНГЕНЛЕР ДЕ ҚОРҒАЛАДЫ

Сана: 06.12.2017  |  Муаллиф: З.ЕРЕКЕЕВА  |  Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы  |  Ўқилди: 464Шарҳ 0

Дүньяда инсанлардың бир-бирин қәдирлеўи, қуўаныш ҳәм қайғысын бөлисиўи адамзатқа тән пазыйлет. Солай екен, бул мәмлекетимизде нызам шеңберинде беккем қорғалып, инсанлардың басына аўыр мүсийбет түскенде қолласыў, ғамқорлық көрсетиў, кексе инсанлардың ҳал-жағдайынан хабар алыў дәстүрге айланған.

Әсиресе, 1998-жылы Өзбекистан Республикасы Майыплар жәмийетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ашылыўы, елимиздеги бәрше инсанлардың итибардан шетте емес екенлигиниң көриниси. Соннан берли республикамызда  ҳәр жылы 3-декабрь «Халықаралық майыплардың ҳуқықларын қорғаў» күни сыпатында кең түрде белгиленип киятыр. Биз жақында усы жәмийеттиң баслығы Паршагүл Дәўлетиярова менен ушырасып, жәмийеттиң алып барып атырған жумыслары ҳаққында гүрриңлестик.

— Паршагүл апа, сәўбетимизди майыплар жәмийетиниң  тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпаларынан басласақ...

— Инсанның кеўли оғада нәзик. Ҳәр қандай итибар ҳәм ғамқорлық кеўилди көклерге көтерип, өмиримизди  жақсылық нурларына безейди. Әтирапымызда жақсы инсанлар бар екен, ҳәр қашан да, елимиз абадан, турмысымыз шад болады. Қуяшлы журтымызда инсанның қәдир-қымбаты ҳәмме нәрседен үстин саналады. Имканияты шекленген инсанлар жәмийетиниң тийкарғы мақсети де — олардың ҳуқықын қорғаў, кең жәмийетшиликке тартыў арқалы қәбилетлерин жетилистириў, оны жүзеге шығарыў болып табылады. Бүгинги күнде жәмийеттиң 5600 ағзасы бар. Ал, республикамыз районларында бөлимлеримиз ҳәрекет етип тур. Өткен жыллар даўамында жәмийет тәрепинен көп ғана унамлы жумыслар әмелге асырылды.  Өйткени, мәмлекетимизде имканияты шекленген инсанлар ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып, олардың бахытлы турмыс кешириўи ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылған. Жәмийет тәрепинен қәбилетли имканияты шекленген инсанларға районлардағы бөлимлеримизде ҳәр қыйлы оқыў өндирислик курслары шөлкемлестирилген. Атап айтқанда, Төрткүл, Беруний, Әмиўдәрья,  Қанлыкөл, Хожели, Тахтакөпир, Шымбай районларында усташылық, тигиўшилик ҳәм компьютер курсларында жасларымыз билимин жетилистирип белгили бир өнерге ийе болмақта.

— Жәмийеттиң ерискен жетискенликлери ҳәм машқалалары ҳаққында да айтып өтсеңиз!

Ғәрезсизликке ерискеннен соң, барлық тараўларды түп-тийкарынан реформалаўға ҳәм жаңаланыўларға ерисилди. Биринши Президентимиз И.Кәримовтың басламасы менен майыплар жәмийетиниң дүзилиўи, бәрше инсанлардың тең ҳуқықлы екенлигин көрсетеди. Биз берилген имканиятлардан пайдаланып, 2012-жылы Өзбекистан Республикасы Олий Мажлис жанындағы мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийеттиң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қоры тәрепинен шөлкемлестирилген таңлаўда қатнасып, грант утып алдық. Нәтийжеде «Бернина Нукус» сыңар кәрханасы жумыс баслады. Дәслеп тигиў цехымызда еки-үш адам жумыс иследи. Ҳәзирги ўақытта жумыс көлемин кеңейтип, соңғы маркадағы заманагөй тигиў машиналары менен тәмийинленип, қарыйдарлардан келген буйыртпаларды сапалы түрде ийелерине жеткерип бермекте. Қуўанарлысы, көп ғана имканияты шекленген инсанлар жумыс пенен тәмийинленди. Кәрханамызда тәжирийбели тигиўшилеримизден Р.Усманова, Г.Жуманиязова, Д.Ашылбаева, Д.Қаражанова ҳәм Р.Абдиевлар талапшаң жасларымызды қасына алып шәкиртлер таярлап атыр. Және бир жетискенлигимиз Беруний районында да «Мутаввар-Зулайҳо» сыңар кәрханасы ашылып, қырыққа жақын имканияты шекленген инсанлар ислеп атыр. Буннан басқа да өтип атырған жыл жәмийетимиз ушын қуўанышлы жыл болды. Өйткени, Өзбекистан Республикасы «Мәҳәлле» қоры тәрепинен 300 миллион сум ажыратылып, мәкеме имаратында ири оңлаў жумыслары алып барылып, керекли әсбап-үскенелер менен тәмийинленди.

Ҳәр жылы байрам күнлеринде жәрдемге мүтәж инсанларға дастурхан жайылып, үйинде төсек тартып жатырған адамлардың ҳал-жағдайынан хабар алынады. Усы жылы имканияты шекленген инсанлардың өтинишине бола 12 майыплар арбашасы, 5 қолтық таяқ ҳәм 12 қол таяқлар берилди. 1-июнь — Халықаралық балалар күнинде байрам дастурханы жайылды. Бунда республикамызда бир неше қәўендер шөлкемлер өз жәрдемлерин аямады.

— Байрам тилеклериңиз...

— Дүньяда инсан өзин бахытлы санаўы ушын көп нәрсе керек емес. Тек ғана инсан барына шүкиршилик етип, өзинде бар имканиятынан пайдаланса, өзин елге керекли инсан деп санаса мақсетине сүринбей жетиседи деп ойлайман. Жәмийетимиз алдында еле берин исленежақ жумыслар оғада көп. Әсиресе, ҳаял-қызларымызға салыстырғанда ер адамлардың үй-шараятынан көпшиликке араласыўы төмен дәрежеде. Соның ушын да алдағы ўақытта ер балалар ушын усташылық ҳәм қол өнерин раўажландырыў керек, деп ойлайман. Мен Финляндия ҳәм Японияда болғанымда, ол жақтағы инсанлардың бизге салыстырғанда сана-сезиминиң анағурлым дәрежеде раўажланып кеткенлигиниң гүўасы болдым. Ҳәзир бизде қолда бар имканиятлардан пайдалансақ, әлбетте, гөзлеген мақсетимизге  жетемиз. Ең баслысы, бизди қоллап-қуўатлаўшы инсанлар, шөлкемлер көп екен, олар менен ҳәрқандай машқаланы жеңемиз...

— Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет.

Сәўбетлескен: З.ЕРЕКЕЕВА.

Манба: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы Рәсмий веб-сайты

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top