Саламат Авезов

| |

МЕҲИР ҚӘЛБИМИЗДЕ, МҮРИЎБЕТ ҚОЛЫМЫЗДА БОЛСЫН

Сана: 01.02.2018  |  Муаллиф: Гүлнара ТУРДЫШОВА  |  Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы  |  Ўқилди: 1849Шарҳ 0

Саўап ислеў парзымыз
Инсан бул дүньяға келгеннен кейин көп нәрселерди әрман етип жасайды. Әсиресе, турмыс курып шаңарақ болғансоң «перзентли болсам, оларды қатарынан кем етпей өсирип, барлық қуўанышлы күнлерин көрсем» деген тилеклер менен алға қарай талпына бересең. Лекин, «нашардың еки ели маңлайына берсин» деген гәп туппа-туўры айтылған гәп екен. Турмыс қурсаң да бахтың жанып кете бермесе қыйын. Ал, оның үстине тәғдир бир өмирлик кеселбент бала менен сыйласа ше?...

Гүлпаршын Аяпбергенова әп-әнедей шаңарақта туўылып камалға келди. Қыз бала кетеси нашар емес пе? Бой жете келе дузы алыс районлардьң бирине шашылып, турмысқа шықты. Лекин, мәскүнем ери менен бирге жасап, турмыстъң аўыр-жеңилин биргеликте тартыўына оньң шыдамы жетпеди – Жас келиншек қорлық көрип, төркинине қайтып келгениңде ата-анасы бир неше мәрте ақылландырып, шаңарақты сақлап қалыўға ҳәрекет етти. Лекин, бул урыныўлар заяға кетти. Қурсағындағы бала менен оньң ол үйде жасап қалыўына енди шыдамы таўсылды.

Төркиниие қайтып келген ол «Мени тәғдир не ушын булай жазалап атыр? Неге турмысым келиспеди? Енди баламды" қалай дүньяға келтиремен? Ата-анамның бетине ширкеў болдым ғо» деген ғам-қайғылар оны пүткиллей түскинликке түсирип таслады. Ўақыт деген жүйрик ат емес пе? Айы-күни толысып Гүлпаршын 1996-жылы уллы болды. Ата-анан аман болсын. Оның тәшўишине шерик болып, аўыр күнлеринде қасыида болды. Әке пақыр тийисли орынларға хабарласып, пайтахтымыздағы 22-киши районнан бир бөлмелн жай алып берди, Эттең, тәғирдиң аяўсыз сынақлары еле алдында екен.  Не көз бенен көрсин, перзенти тутқанақ кесели менен туўылды. Есин билип қиятырпш бала өз-өзинен буўлығып, көк-көмбек болып тутлығып, есин жоғалтып қоятуғын болды. Гүлпаршын албырағанынан не қыларын билмей, шыпакерлсрди жәрлемге шақырып, жигербентин әжел аўзынан алып қалды. Күнине нешше мәрте қайталанатуғын бул жағдайға енди өзи де көнлигип, биришии жәрдемди өзи беретуғын болды. Перзенти Еркинбай усы наўқаслығы себепли мектепке ле бара алмай, муғаллимлер үйине келип оқытты. Зейинли, қызығыўшаң бала математика пәнинен жүдә жақсы оқьды. Есейе келе, онда электр үскенелерин оңлайтуғын қәбилет пайда бола баслады. Бүгин жасы жигирма екиге шамаласып қалған ол анасы Гүлпаршын менен 22-киши районла бир ханалы үйде жасап атыр.

Турмыста бундай жағдайлар көп ғо дерсиз. Лекин, ол үйге излеп барып, көз бенен көрип ашынган жағлайымыз мына аўҳал болды. Бир ханалы үйди тап-таза етип услап, баласы менен әп-әнедсй жасап атырған ҳаялды көргенимде мен де жағлайлары жақсы ғой деп ойлаған едим. Ири денели жигит болып қалған Еркинбай бизлер барғанымызда тутқанағы тутып жаңа жаздырған екен. Көзи себепли биринши топар майыбы болып қалған Гүлпаршынды да бир көристен көзи көретуғын адамға усаттым. Биз оның дәртлерине қулақ турдик.

– Усы балама бир өмир байланып жумыс та ислей алмадым. Балам буйыртпалар алып, ҳәр кимниң электр үскенелерим оңлап, азы-кем қәрежет табады. Гөне базарға барып аўысық бөлеклер алып келеди. Соның тапқан пулларын коммунал төлемлерге қосент етип отырмыз. Лекин, тутқанағы тутып қалса аўҳалы жаманласады. Түнлерде қасыма қасық алып жатаман. Енди үлкейип ириленип кетти. Жәрдем бериўге күшим жетпей де қалады. Базыда қоңсылар жәрдемге келеди. Тутқанағы тутқанда тилин услап қалыў ушын қасықтан пайдаланғанымда көзим көрмей, аўзының ишлери жара болып кеткен. Көзимниң көрмей қалыўы шыпакерлердиң айтыўы бойынша нервтен екен. Енди операция ислетсем бир көзимнен үмит бар екен. Бирақ, оған қәрежетим жоқ. Бурын жумыс ислемегеннен кейин майыплық напақам да азғантай. Ол операция ислетиўге жетпейди. Мен жәрдемге мүтәжбен.

Усы ўақытта оның сиңлиси Гүлистан гәпке араласты.

– Азы-кем қәрежет тапсын деп базарға майда-шүйде сатыўга шығарып едик, көзи көрмегенликтен (ол ўақытлары азырақ көретуғын еди) саўда ислей алмады. Саўда ислеген адамға қайтымын бере алмайды. Затларын алып кетсе де билмейди. Баласының қасында болмаса да болмайды. Қәпелимде тутқанағы тутып, тили кетип қалады. Ҳүкиметимиз жәрдемге мүтәжлерге жәрдем қолын созып атыр. Илтимас буларга да жәрдем берилсе екен. Тез арада көзине операиия исленбесе үмиттен айырылып қалар екенбиз. Мына баласының жумыс ислейтуғын ханасын көрин. – деди ол.

Бир ханалы жайдың қандай имканияты болсын. Еркинбай асхананы устахана етип қойған екен. Керекли, аўсық бөлеклерди, темир-гирсеклерди еки қалтага салып қойыпты. Паятниги жоқлығынан газ плитаға қыздырып пайдаланады екен. Үскенелери жоқ. Соған қарамастан ол қоңсыларының истен шықкан телефон, утюг, тефаль усағаи буйымларын оңлайды.

– Қәне өз устаханам болса, – деди Еркинбай. Аўыр минезли кемсөзли баладан басқа сөзди тартып ала алмадық. Бәлким ол устаханам болса пул таўып анама жәрдем берсем деген ойларды өткерип атырған шығар қыялынан.

– Еркинбайдын қолы онерли, – деди биз бенен барған «Өзбекистан арнаўлы олимпиадасы» спорт жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы Гүлшат Турсымуратова. – Мине жақында жайын өзи ремонтлады. Жәмийетлик бирлеспе тәрепинен еткерилген шашка бойынша жарысларда жеңимпаз болып жүр. Үлкен санларды қосыўға уқыплы.

Усы наўқаслығы менен усыншелли жумысларды ислеп жүрген балаға тәсийин қалмаслыққа илажымыз жоқ. Турмыста қаншама жаслар бар, ата-анасының тапқан пулының денсаўлығының қәдирин билмей бос ўақытларында биймәни ислер менен шуғылланып жүрген...

Олар бизди үмитли көзлери менен шығарып салар екен, биз усы 27-санлы мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Зийўарбек Файзуллаевқа телефон арқалы бул шаңарақтың жағдайы ҳаққында хабарластық.

– Хабарымыз бар, – деди ол. Өткен 2017-жылдың ноябрь айында бир мәртелик жәрдем пулын бердик. Енди көзиниң операциясы бойынша шаңарақлық поликлиникаға хабар берип, олар арқалы Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигинен операцияға жәрдем бериўлерин сораймыз.

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен халықтың жәрдемге мүтәж кең қатламына бир қанша қайырлы ислер исленип, бул бойынша кең көлемли илажлар алып барылмақта. «Саўап исти ҳәр ким ҳәр күни ислеўи керек» деп Биринши Президентимиз атап өткениндей, усындай жәрдемге мүтәж инсанларға жәрдем қолымызды созыў ең дәслеп бизиң инсаныйлық парызымыз. Биз исенемиз, ҳүжданы ояў меҳрибан инсанлар оларға әлбетте жәрдем қолларын созады.

Гүлнара ТУРДЫШОВА.
Сүўретте: Г. Аяпбергенова баласы Еркинбай менен.

Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы
1-февраль. 2018-жыл. №5 (7969)

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Қидириш

Хизмат кўрсатиш

Асосий саҳифа

Рукн

Меҳр қўлларимизни чўзайлик

Ўз ҳуқуқингизни биласими?

Маълумотнома

Қорақалпоғистон Республикасидаги алоҳида эҳтиёжли кишилар учун фаолият юритаётган муассаса ва ташкилотлар

Ҳамкоримиз





Б
л
и
ц
-
М
а
ъ
л
у
м
о
т

Тўлиқ исм-шарифим: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туғилган санам: 1983 йил 27 июль.
Туғилган жойим: Нукус шаҳри.
Маълумотим: ТАТУ Нукус филиали «Ахборот Технологиялари» факультети.
Мутахассислигим: Информатика ва ахборот технологиялари, Веб-дизайнер.
Буржим: Арслон.
Мучалим: Тўнғиз.
Бавтафсил...

Go to Top